1 Петр 2 bob

Тири тас ҳәм Қудайдың халқы (1-12), Басшыларға бойсыныңлар! (13-25).

1 Сонлықтан ҳәр қандай жаманлықты, ҳәр қыйлы өтирикти ҳәм еки жүзлиликти, күншилликти ҳәм ҳәр қандай өсекти қойыңлар!
2 Жаңа туўылған нәрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар.
3 Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып көрдиңлер.
4 Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Қудай тәрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер.
5 Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр.
6 Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Мине, Мен Өзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды» .
7 Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол: «Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды» .
8 Және де, «Сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартас болды» . Исенбейтуғынлар Қудайдың сөзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тәғдирине жазылған.
9 Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар.
10 Бир ўақытлары Қудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Қудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Қудайдың мийримшәпәәтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шәпәәтин алдыңлар.
11 Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар.
12 Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
13 Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм
14 жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тәрепинен жиберилген ҳәкимлерге бойсыныңлар.
15 Себеби Қудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың өсек сөзлериниң тоқтаўын қәлейди.
16 Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Қудайдың қуллары болып жасаңлар.
17 Ҳәмме адамларға ҳүрмет көрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Қудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
18 Ҳәй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳәм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар.
19 Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды.
20 Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай әперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Қудайға унайды.
21 Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти.
22 «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сөз де шықпады» .
23 Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Өзин әдиллик пенен ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды.
24 Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз.
25 Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳәм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.