Римлилер 12 bob

Өмириңизди Қудайға бағышлаңлар (1-21).

1 Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: өзлериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады.
2 Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ойпикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
3 Қудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳәммеңизге айтып атырман: өзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын.
4 Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли.
5 Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз.
6 Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин.
7 Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин.
8 Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин.
9 Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар.
10 Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге өз ара ҳүрмет көрсетиўге тырысыңлар.
11 Интаңыз пәсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер.
12 Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер.
13 Мүтәжликте жасап атырған исениўшилер менен барыңызды бөлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар.
14 Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Қудайдан жақсылық тилеңлер. Ғарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер.
15 Қуўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар.
16 Өз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар.
17 Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар.
18 Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар.
19 Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен».
20 Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Шөллеген болса, суў бер. Сен усылай ислесең, Оны уятқа қалдырасаң» .
21 Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.