Римлилер 15 bob

Исениўшилер арасындағы қатнасықлар ҳаққында (1-13), Павелдиң елшилик хызмети (14-21), Павелдиң Римге барыўға қарар етиўи (22-33).

1 Исеними күшли болған бизлер тек өзимиздиң мәпимизди ойламай, исеними ҳәлсиз болғанлардың ҳәлсизликлерин көтерисиўге парызлымыз.
2 Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық.
3 Өйткени Масих та Өзиниң мәпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сөзлери Маған тийди» .
4 Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз.
5 Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин.
6 Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар.
7 Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер.
8 Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Қудайдың яҳудийлердиң атабабаларына берген ўәдесин әмелге асырып, Оның садық екенин көрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды.
9 Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳәм Сениң атыңды жырлайман» , – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, Қудайды алғыслаўы ушын иследи.
10 Мухаддес Жазыўда және де: «Ҳәй, басқа миллетлер, Қудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген.
11 Тағы да былай делинген: «Ҳәй, барлық басқа миллетлер, Қудай Ийемизди алғыслаңлар! Ҳәмме халықлар Оны мақтаңлар!»
12 Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдың урпағынан бири келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды».
13 Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын.
14 Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳәм ҳәр түрли билимге бай екениңизге, әсиресе бир-бириңизге ақыл-нәсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен.
15 Бирақ, Қудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым.
16 Мен Қудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Қудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Қудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жәриялап атырман.
17 Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайға деген хызметим менен мақтана аламан.
18 Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Қудайға бойсыныўы ушын, сөзлерим ҳәм ис-ҳәрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нәрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди:
19 бул ислер кәраматлы белгилердиң ҳәм таң қаларлық нәрселердиң күши менен, және де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳәмме жерге жәрияладым.
20 Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жәриялаўға тырыстым.
21 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар көреди, Еситпегенлер түсинеди».
22 Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған көп мәртебе иркиниш жасады.
23 Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нәрсе қалмады. Және де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли,
24 Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Өтип баратырғанымда алды менен сизлерди көрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жәрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен.
25 Ал ҳәзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге жәрдем бермекшимен.
26 Өйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер арасындағы мүтәжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жәрдем етиўди мақул көрди.
27 Аўа, мақул көрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби өзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бөлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жәрдем берип, хызмет етиўге парызлы.
28 Солай етип, жыйналған ғәрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жолжөнекей сизлер менен дийдар көрисип, Испанияға кетемен.
29 Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен.
30 Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Қудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар.
31 Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳәм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер.
32 Және де, Қудай қәлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар.
33 Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.