Римлилер 16 bob
1 Кенхреядағы исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман.
2 Оны мухаддеслерге минәсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Және де, оның қандай мүтәжлиги болса да, жәрдем етиңлер. Өйткени ол да көп адамларға, соның ишинде маған жәрдемши болды.
3 Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳәм Акилаға сәлем айтыңлар.
4 Олар мениң жаным ушын өз өмирин қәўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳәмме исениўши жәмәәтлери де оларға миннетдар.
5 Олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем айтыңлар. Азия үлкесинен биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сәлем айтыңлар.
6 Сизлер ушын көп мийнет еткен Мәриямға сәлем айтыңлар.
7 Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим ҳәм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сәлем айтыңлар.
8 Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сәлем айтыңлар.
9 Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳәм сүйикли туўысқаным Стахияға сәлем айтыңлар.
10 Сынақтан өтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сәлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сәлем айтыңлар.
11 Ағайиним Иродионға сәлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сәлем айтыңлар.
12 Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳәм Трифосқа сәлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында көп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сәлем айтыңлар.
13 Ийемиз тәрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳәм мен ушын анамдай болған оның анасына сәлем айтыңлар.
14 Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳәм олардың жанындағы туўысқанларға сәлем айтыңлар.
15 Филологус ҳәм Юлияға, Нирей ҳәм оның қарындасына, Олимпасқа ҳәм олардың жанындағы барлық исениўшилерге сәлем айтыңлар.
16 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сәлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳәмме жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр.
17 Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, өзлериңизге үйретилген тәлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳәм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер.
18 Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал өз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳәм жағымпазлық сөзлери менен алдайды.
19 Сизлердиң Қудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳәммеге мәлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳәм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қәлеймен.
20 Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
21 Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим Лукий, Ясон ҳәм Сосипатер сизлерге сәлем айтып атыр.
22 Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сәлем жоллайман.
23 Мен ушын ҳәм пүткил исениўшилер жәмәәти ушын өз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сәлем айтып атыр. Және де, қала қазнашысы Ерастус ҳәм туўысқанымыз Куартус сизлерге сәлем айтып атыр. [ 24 ]
24 Мен жәриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Өзи әййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Қудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе.
25 Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳәзир ашылып, мәңги жасайтуғын Қудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мәлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Қудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды.
26 Жалғыз ҳәм дана Қудайға Ийса Масих арқалы мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.