1 Коринфлилер 12 bob

Руўхый сыйлар ҳаққында (1-31) 

1 Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен.
2 Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер.
3 Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4 Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў.
5 Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз.
6 Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз.
7 Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди.
8 Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин,
9 сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын,
10 биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сөйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди.
11 Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди.
12 Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай.
13 Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.
14 Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе.
15 Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
16 Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
17 Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады?
18 Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты.
19 Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди?
20 Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў.
21 Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды.
22 Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады.
23 Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз.
24 Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады.
25 Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи.
26 Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27 Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз.
28 Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм басқа тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады.
29 Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме?
30 Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси басқа тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес!
31 Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен:


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.