Филиплилер 2 bob

Масихтан өрнек алың! (1-11), Қудайдың балаларына сай жасаңлар! (12-18), Тимофей ҳәм Епафродит (19-30).

1 Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳәм реҳимлилик бар болса,
2 онда бир пикир ҳәм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳәм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың.
3 Ҳеш бир нәрсени өз атақабырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар.
4 Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер.
5 Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар:
6 Масих қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди.
7 Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди.
8 Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды.
9 Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди.
10 Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳәм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип,
11 Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳәмме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды.
12 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бәрқулла Қудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳәзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан көбирек бойсынып, қорқыныш ҳәм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай исҳәрекетлерди әмелге асыра бериңлер.
13 Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады.
14 Ҳәр бир нәрсени тоңқылдамай ҳәм тартыспай ислеңлер!
15 Сонда сизлер адасқан ҳәм бузылған әўлад арасында Қудайдың кемшиликсиз, таза ҳәм минсиз балалары боласызлар.
16 Қудайдың өмир беретуғын сөзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тәним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан.
17 Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳәм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы төгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳәм ҳәммеңиздиң қуўанышыңызды бөлисемен.
18 Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳәм мениң қуўанышымды бөлисиңлер.
19 Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қәлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен.
20 Өйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ.
21 Ҳәмме Масих Ийсаның емес, ал өз мәпин ойлайды.
22 Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мәлим. Себеби ол әкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жәрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти.
23 Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дәрриў жибериўден үмит етемен.
24 Ийемизге исенимим кәмил, мениң өзим де жақын арада барып қаламан.
25 Бирақ, мүтәж болғанымда маған жәрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳәм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул көрдим.
26 Өйткени ол ҳәммеңизди сағынып атыр ҳәм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады.
27 Ол ҳақыйқаттан да, өлим төсегинде жатты. Деген менен, Қудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти.
28 Сонлықтан оны және көрип қуўаныўыңыз ушын ҳәм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман.
29 Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳәм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер.
30 Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол өз жанын қәўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир өлимнен қалды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.