Филиплилер 4 bob
1 Сонлықтан ҳәй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳәм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қәдирданларым!
2 Еводияға өтиниш етемен, Синтихияға да өтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар!
3 Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жәрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳәм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жәриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳәммесиниң атлары Өмир китабында жазылған.
4 Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар. Тәкирарлап айтаман: қуўаныңлар.
5 Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳәмме адамларға мәлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
6 Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер.
7 Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды.
8 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пәк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, және де, нениң жақсы ҳәм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар.
9 Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.
10 Маған енди және ғамхорлық көрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Әлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди.
11 Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен.
12 Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим.
13 Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.
14 Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бөлисип, жақсы иследиңлер.
15 Ҳәй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жәриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жәмәәтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды өзлериңиз де билесизлер.
16 Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мәртебе маған мүтәж нәрселеримди жеткиздиңлер.
17 Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман.
18 Менде ҳәмме нәрсе бар, ҳәтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нәрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтәжлигим қалмады. Бул нәрселер – хош ийисли түтетки ҳәм Қудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық.
19 Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады.
20 Әкемиз Қудайға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
21 Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге сәлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сәлем айтып атыр.
22 Барлық исениўшилер, әсиресе Рим патшасы-Қайсардың сарайындағылар сизлерге сәлем айтып атыр.
23 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын!