Аян 19 bob
1 Буннан соң, мен аспанда көп санлы аламанның даўысына уқсаған бәлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя! Қутқарыў, уллылық ҳәм қүдирет Қудайымызға тийисли.
2 Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳәм әдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған Уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Өз хызметшилериниң қаны ушын оннан өш алды».
3 Олар және даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини Мәңгиге бурқырап турады».
4 Сонда жигирма төрт ақсақал ҳәм төрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Қудайға табынды.
5 Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳәй, Қудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳәммеңиз, Оны алғыслаңлар!»
6 Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди.
7 Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди.
8 Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ көйлек берилди». Таза, аппақ көйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди.
9 Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Қозының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол және: – Бул сөзлер – Қудайдың ҳақыйқат сөзлери, – деди.
10 Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен ҳәм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын! Өйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тәрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сөзлериниң тийкары , – деди.
11 Буннан соң, мен аспанның ашылғанын көрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳәм Ҳақыйқат еди. Ол әдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди.
12 Оның көзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса көп санлы таж бар еди. Онда Өзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди.
13 Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Қудайдың Сөзи еди.
14 Таза ҳәм аппақ кийим кийген аспан ләшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди.
15 Оның аўзынан өткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди өлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳәм ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың қәҳәрли ғәзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Өзи басады.
16 Оның кийиминде ҳәм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲӘМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди.
17 Соңынан мен қуяшта турған бир периштени көрдим. Ол бәлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди:
18 «Патшалардың, әскербасылардың ҳәм күшли адамлардың, атлардың ҳәм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳәммениң өлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Қудайдың уллы зыяпатына келиңлер».
19 Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳәм олардың ләшкерлерин көрдим. Олар атта Отырған менен ҳәм Оның ләшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди.
20 Жыртқыш ҳайўан ҳәм оның алдында кәраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды өз кәраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от көлине тирилей ылақтырылды.
21 Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен өлтирилди. Барлық қуслар олардың өлигиниң етин жеп тойды.