Бийлер 6 bob

Гидеон (1-40).

1 Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Жаратқан Ийе де оларды жети жыл мидянлыларға тәслим етти.
2 Мидянлылардың израиллыларға көрсеткен зулымлығы соншелли аўыр болғанлықтан, израиллылар өзлери ушын таўларда паналайтуғын жерлер, үңгирлер ҳәм қорғанлар ислеп алды.
3 Израиллылар егин еккен ўақтында, мидянлылар, амалеклер ҳәм күншығыстағы басқа халықлар елге басқыншылық ететуғын еди.
4 Олар Израилда ордаларын қурып алып, Газаға дейинги егинлерин жоқ қылатуғын ҳәм тиришилик етиўге керекли болған қой, сыйыр, ешек сыяқлы нәрселердиң ҳеш қайсысын қоймайтуғын еди.
5 Себеби олар өзлериниң маллары ҳәм шатырлары менен бирге шегиртке сыяқлы көп болып келетуғын еди. Олардың өзлериниң де, түйелериниң де есап-саны жоқ болып, Израилды ўайран етиў ушын, ел бойлап жүретуғын еди.
6 Израил халқы мидянлылар себепли соншелли жарлыланып қалғанлықтан, олар Жаратқан Ийеге жалбарына баслады.
7 Израиллылар мидянлылар себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда,
8 Жаратқан Ийе оларға бир пайғамбар жиберди. Пайғамбар оларға былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди Мысырдан, қул болған жериңизден Мен алып шықтым.
9 Сизлерди мысырлылардың ҳәм пүткил зулым етиўшилердиң қолынан Мен қутқардым. Оларды алдыңыздан қуўып, жерлерин сизлерге бердим».
10 Сонда Мен сизлерге: «Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Өзлериңиз жерлеринде жасап атырған аморлардың қудайларына табынбаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар.
11 Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси келип, Офра қаласындағы Абиезер әўладынан болған Иоашқа тийисли теребинф ағашының астында отырды. Сол ўақытта Иоаштың улы Гидеон мидянлылардан жасырып, шарап искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди.
12 Жаратқан Ийениң периштеси оған көринип: – Ҳәй, батыр жигит, Жаратқан Ийе сениң менен бирге, – деди.
13 Гидеон оған: – О, мырзам, егер Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болса, онда булардың барлығы не ушын басымызға түсти? Ата-бабаларымыз бизлерге: «Жаратқан Ийе бизлерди Мысырдан алып шықты», – деп айтып берген еди. Жаратқан Ийениң сол әжайып ислери қайда қалды? Жаратқан Ийе бизлерди таслап кетти ҳәм мидянлыларға тәслим қылды, – деди.
14 Жаратқан Ийе Гидеонға қарап: – Өзиңде бар болған күш-қуўатың менен бар да, Израилды мидянлылардың қолынан қутқар. Сени Мен жиберип атырман, – деди.
15 Гидеон: – О, Ийем, мен Израилды қалайынша қутқара аламан? Мениң тийрем Менашше урыўындағы ең әззи тийре, мен де үйдеги генже улман, – деди.
16 Жаратқан Ийе оған: – Мен сениң менен бирге боламан. Сен мидянлылардың ҳәммесин бир адамды жеңгендей қылып, қырып таслайсаң, – деди.
17 Сонда Гидеон: – Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, мениң менен сөйлесип атырған Сен екениңди билиўим ушын, маған бир нышан көрсет.
18 Илтимас, Саған садақамды әкелип, усынбағанымша, бул жерден кетип қалма, – деди. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Сен қайтып келгениңше, усы жерде тураман, – деп жуўап берди.
19 Гидеон үйине барып, бир ылақты сойды, бир эфа* уннан ашытқысыз нан писирди ҳәм гөшти себетке салды да, сорпасын табаққа қуйды. Гидеон буларды теребинф ағашының астына алып барып, периштеге усынды.
20 Қудайдың периштеси оған: – Гөшти ҳәм ашытқысыз нанларды алып, оларды мына тастың үстине қой да, сорпаны үстине қуй, – деди. Гидеон айтылғанларды иследи.
21 Жаратқан Ийениң периштеси қолындағы таяғының ушын гөш ҳәм ашытқысыз нанға тийгизгенде, тастан от шықты. От гөш ҳәм ашытқысыз нанды жағып, жоқ қылып жиберди. Соннан кейин Жаратқан Ийениң периштеси көзден ғайып болды.
22 Гидеон көрген адамының Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинип: – Ўаҳ, Қудай Ийе! Мен Сениң периштең менен жүзбе-жүз көристим, – деди.
23 Жаратқан Ийе оған: – Саған тынышлық болсын. Қорқпа, өлмейсең, – деди.
24 Гидеон ол жерде Жаратқан Ийе ушын қурбанлық орын иследи. Қурбанлық орынды Яҳўе Шалом деп атады. Бул орын бүгин де Абиезер урпақларының Офра қаласында тур.
25 Тап сол күни түнде Жаратқан Ийе Гидеонға: – Әкеңниң падасынан жети жасар бир буғаны ал. Соннан кейин, әкеңниң Баал ушын соқтырған қурбанлық орынды бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып тасла.
26 Усы төбешиктиң үстине Қудайың Жаратқан Ийеге арнап, тегис етип қурбанлық орын қур. Соңынан сол буғаны ал да, өзиң кесетуғын кийели ағашты отын қылып, жандырылатуғын қурбанлық етип бағышла, – деди.
27 Гидеон өз адамларынан он адамды қасына алып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын орынлады. Бирақ ол үйиндегилерден ҳәм қала халқынан қорққанлықтан, буны күндиз емес, ал түнде иследи.
28 Азанда ерте турған қала халқы Баалға арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын, кийели ағаштың шабылғанын ҳәм буғаның тазадан қурылған қурбанлық орынның үстинде қурбанлық қылып усынылғанын көрди.
29 Сонда олар бир-биринен: «Буны ким иследи?» – деп сорады. Сорастырып көргеннен соң, бул исти Иоаш улы Гидеонның қылғанын билди.
30 Сол себептен олар Иоашқа: – Балаңды сыртқа шығар, ол өлиўи керек. Себеби ол Баалдың қурбанлық орнын бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып таслаған, – деди.
31 Иоаш өзине топылып келген адамларға: – Баалды қорғаў сизлерге қалды ма? Оны қутқаратуғын сизлер ме? Баалды қорғайтуғынлар таңға дейин өлтириледи. Егер Баал қудай болса, ол өзи ушын гүрессин. Өйткени бузылған қурбанлық орын оныки-ғо! – деди.
32 Сол күни Иоаш: «Баал өзи ушын өз гүрессин, өйткени бузылған қурбанлық орын оныки», – деп, Гидеонды Еруббаал деп атады.
33 Сол арада мидянлылар, амалеклер ҳәм шығыс халықлары бирлесип, Иордан дәрьясынан өтти де, Изреел ойпатлығына шатырларын қурды.
34 Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Гидеонның үстине түсти ҳәм ол кәрнайын шертип, Абиезер урпақларын өзиниң изине ериўге шақырды.
35 Гидеон пүткил Менашше урыўына хабаршылар жиберип, ол жердеги халықты да жыйнады. Ол Ашер, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларына да хабаршылар жиберди. Солай етип, олар да бирлесиўге келди.
36 Сонда Гидеон Қудайға былай деди: – Егер Өзиң ўәде еткениңдей, Израилды мен арқалы қутқаратуғының рас болса,
37 онда мен мына қырқылған жүнди қырманның үстине жаяман. Егер шық жүнниң үстине түсип, ал жер қурғақ болса, онда Өзиң айтқаныңдай, Израилды мен арқалы қутқаратуғыныңды билемен.
38 Солай болды да. Ертеңине азанда ерте турған Гидеон жүнди алып сыққанда, жүннен бир кесе толы суў шықты.
39 Соннан кейин, Гидеон Қудайға былай деди: – Маған ғәзепленбе, және бир тилегим бар. Усы жүн арқалы сынаўыма және бир мәрте рухсат ет. Бул рет тек жүн ғана қурғақ болып, жер бетин шық қапласын.
40 Қудай сол түнде Гидеонның айтқанын иследи. Жүн қурғақ болып, пүткил жер бетин шық қаплады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.