1 Патшалар 16 bob

Даўыттың патшалыққа майланыўы (1-13). Даўыттың Шаулға хызмет етиўи (14-23).

 
1 Жаратқан Ийе Самуелге: – Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.
2 Самуел: – Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт.
3 Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.
4 Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып: – Тынышлық па? – деп сорады.
5 Самуел оларға: – Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди. Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти.
6 Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.
7 Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди.
8 Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
9 Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
10 Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди.
11 Соңынан Самуел Ишайдан: – Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады. Ишай оған: – Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди. Самуел Ишайға: – Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.
12 Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди.
13 Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.
14 Сол арада Жаратқан Ийениң Руўхы Шаулды тәрк етти. Жаратқан Ийе жиберген жаман бир руўх оны қыйнайтуғын еди.
15 Хызметшилери Шаулға: – Қараң, Қудай жиберген жаман руўх сизди қыйнап атыр.
16 Тақсыр, хызметшилериңиз болған бизлерге буйрық бериң. Бизлер лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып келейик. Сонда Қудай жиберген жаман руўх сизге келгенде, ол адам лира шертеди ҳәм сиз жеңил тартасыз, – деди.
17 Шаул хызметшилерине: – Яқшы, лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып, маған алып келиңлер, – деп буйырды.
18 Сонда хызметшилерден бири: – Бейтлеҳемли Ишайдың улларының бирин көрген едим. Ол лираны жақсы шертеди екен. Буның үстине, ол ақсүйеклерден болып, мәрт жаўынгер екен. Оның сөзлери мәнили, қәдди-қәўмети де келискен. Жаратқан Ийе де оның менен бирге, – деди.
19 Шаул Ишайға: «Қой бағып жүрген улың Даўытты маған жибер», – деп хабаршылар жөнетти.
20 Ишай бир ешекке нан, бир мес шарап ҳәм бир ылақты артып, Даўыт пенен қоса Шаулға жиберди.
21 Даўыт Шаулға барып, оның хызметине кирди. Шаул Даўытты жүдә жақсы көрди ҳәм оны өзине нөкер етип алды.
22 Шаул Ишайға: «Даўыттың хызметимде қалыўына рухсат бер. Оған кеўлим толды», – деген хабар жиберди.
23 Сол күннен баслап, Қудай жиберген жаман руўх Шаулға келгенде, Даўыт лира шертетуғын еди. Сонда Шаул өзине келип жақсы болатуғын, жаман руўх та оны тәрк ететуғын еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.