Жаратылыс 21 bob

Ысақтың туўылыўы (1-7). Ажар менен Исмайылдың қуўылыўы (8-21). Ибрайым менен Абимелехтиң келисим дүзиўи (22-34)

1 Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады.
2 Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди.
3 Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ* деп ат қойды.
4 Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди.
5 Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.
6 Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи».
7 Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.
8 Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди.
9 Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде,
10 Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен бирге мийрасхор болмасын», – деди.
11 Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди.
12 Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди: – Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди.
13 Бирақ шорыңның улынан да Мен бир халық шығараман, өйткени ол да сениң урпағың.
14 Ертеңине таң азанда, Ибрайым нан ҳәм бир мес суў алды да, оларды Ажардың ийнине салды ҳәм оны баласы менен қосып шығарып жиберди. Ажар кетип баратырып, Беер-Шеба шөлинде адасып қалды.
15 Местеги суў таўысылғанда, Ажар баласын бир путаның астында қалдырды да:
16 «Баламның қалай өлетуғынын көрмейин», – деп арырақ кетти ҳәм бир оқ жетирим жерге барып отырып, дад салып жылай баслады.
17 Қудай баланың жылағанын еситти ҳәм Оның бир периштеси Ажарға аспаннан даўыслап: «Ҳәй, Ажар, саған не болды? Қорқпа, Қудай балаңның жатырған жеринен оның жылағанын еситти.
18 Бар да, баланы турғызып, оны қолынан жетеле. Мен оннан уллы халық жаратаман», – деди.
19 Соңынан Қудай Ажардың көзин ашты ҳәм ол бир қудықты көрди. Ол барып, месин суўға толтырды да, баласына суў ишкизди.
20 Солай етип, Қудай бала менен бирге болды. Ол өсип, шөлде жасады ҳәм мерген болды.
21 Исмайыл Паран шөлинде жасап атырған ўақтында, анасы оған Мысырдан бир қызды ҳаяллыққа алып берди.
22 Сол ўақытлары Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол Ибрайымға былай деди: – Ҳәр бир исиңде Қудай сениң менен бирге.
23 Сонлықтан сен мени, перзентлеримди ҳәм урпақларымды да алдамайман деп, Қудай алдында ант иш. Мен саған қандай жақсылық еткен болсам, сен де маған ҳәм өзиң келгинди болып жасап атырған елге сондай жақсылық ет.
24 Ибрайым: – Мен ант ишемен, – деди.
25 Соңынан Ибрайым Абимелехке адамларының бир қудықты тартып алғаны ҳаққында айтып, шағым етти.
26 Ал Абимелех оған: – Мен буны кимниң ислегенин билмеймен. Сен маған ҳеш нәрсе айтпаған едиң. Мен бул ҳаққында ҳәзир еситип турман, – деди.
27 Кейин Ибрайым Абимелехке қой ҳәм сыйырлар саўға етти ҳәм екеўи келисим дүзди.
28 Ибрайым сүриўден жети урғашы қозыны айырып қойды.
29 Абимелех оннан: – Бул жети урғашы қозыны айырып қойыўыңның мәниси не? – деп сорады.
30 Ибрайым оған: – Бул қудықты мениң қаздырғанымның дәлили сыпатында, мына жети урғашы қозыны мениң қолымнан қабыл ет, – деди.
31 Солай етип, сол жер Беер-Шеба* деп аталды, өйткени олар екеўи сол жерде ант ишискен еди.
32 Беер-Шебада келисим дүзгеннен соң, Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол филистлердиң жерине қайтып кетти.
33 Ибрайым Беер-Шебада бир тамариск* ағашын тикти ҳәм сол жерде мәңгилик Қудай Ийениң атын айтып шақырды.
34 Ибрайым филистлердиң жеринде келгинди болып көп ўақыт жасады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16