Жаратылыс 48 bob
1 Буннан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Юсупке: «Әкең аўырып атыр», – деген хабар жеткенде, ол уллары Менашше менен Эфрайымды ертип, әкесине кетти.
2 Яқыпқа: «Улыңыз Юсуп келди», – деп хабарлағанда, Израил күшин жыйнап, төсегинде турып отырды.
3 Яқып Юсупке: – Қүдирети күшли Қудай Қанан жериндеги Лузда маған көринди ҳәм мени жарылқап,
4 маған: «Мен сени өсип-өндирип, көбейтемен. Урпағыңнан көплеген халықлар жаратаман. Бул жерди сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен», – деген еди+.
5 Мен Мысырға келмесимнен алдын, сениң бул жерде туўылған еки улың Эфрайым менен Менашше енди меники болып есапланады. Олар мен ушын Рубен ҳәм Шимон менен теңдей+.
6 Олардан кейин туўылатуғын балаларың өзиңдики болады. Оларға Эфрайым ҳәм Менашше арқалы мийрас өтеди.
7 Мен Падданнан қайтып киятырғанымда, Қанан елинде, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳила қайтыс болып, мен оннан айырылып қалдым. Оны Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерледим, – деди+.
8 Израил Юсуптиң улларын көрип: – Булар кимлер? – деп сорады.
9 Юсуп әкесине: – Булар – Қудайдың маған Мысырда берген уллары, – деди. Сонда Израил оған: – Оларды маған жақынлат, оларға пәтиямды берейин, – деди.
10 Қартайғанлықтан, Израилдың көзлери әззилеп, жақсы көрмейтуғын еди. Юсуп улларын әкесине жақынлатқанда, әкеси оларды сүйип, қушақлады.
11 Соңынан Израил Юсупке: – Мен сениң дийдарыңды көриўден үмитимди үзген едим, бирақ, минекей, Қудай маған сениң перзентлериңди де көрсетти, – деди.
12 Юсуп әкесиниң дизесинде отырған улларын шетке алды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, әкесине тәжим етти.
13 Соңынан Юсуп Эфрайымды оң жағына алып, Израилдың шеп қолына туўрылап, ал Менашшени шеп жағына алып, Израилдың оң қолына туўрылап турғызды.
14 Бирақ Израил қолларын айқастырып, туңғыш ул Менашше болыўына қарамастан, оң қолын киши ул Эфрайымның басына, ал шеп қолын туңғыш ул Менашшениң басына қойды.
15 Кейин Юсупке пәтиясын берип былай деди: – Аталарым Ибрайым менен Ысақтың хызмет еткен Қудайы, усы күнге дейин, өмирим бойы мениң шопаным болған Қудай,
16 мени барлық жаманлықлардан сақлап келген периште бул өспиримлерди жарылқасын! Мениң атым ҳәм аталарым Ибрайым менен Ысақтың атлары олар арқалы даўам етсин. Олар жер бетинде есап-сансыз болып көбейсин.
17 Әкесиниң оң қолын Эфрайымның басына қойғаны Юсупке унамады. Сонлықтан ол әкесиниң қолын Эфрайымның басынан алып, Менашшениң басына қоймақшы болды.
18 Юсуп әкесине: – Әке, олай емес, туңғыш ул Менашше болады, оң қолыңды оның басына қой, – деди.
19 Бирақ әкеси келисим бермей: – Билемен, улым, билемен. Менашшеден да уллы бир халық шығады. Бирақ оның иниси оннан да уллырақ болып, урпақларынан көп халықлар келип шығады, – деди+.
20 Сол күни Израил оларға пәтиясын берип, былай деди: – Израиллылар пәтия бергенде: «Қудай сени Эфрайым ҳәм Менашшедей қылсын!» – деп сизлердиң атыңыз бенен пәтия беретуғын болады. Усылайынша Яқып Эфрайымды Менашшеден жоқары қойды.
21 Соң Израил Юсупке: – Мениң өлимим жақынласты. Қудай сизлер менен бирге болып, сизлерди ата-бабаларыңыздың жерине қайтарады.
22 Саған туўысқанларыңнан бир пай артық етип, таў етегиндеги жерди де беремен. Оны мен қылыш ҳәм садағым менен амор халқынан тартып алған едим, –