2 Патшалар 13 bob
1 Даўыттың улы Абшаломның Тамара деген бир сулыў қарындасы бар еди. Даўыттың басқа бир улы Амнон Тамараны сүйип қалды.
2 Амнон қарындасы Тамара себепли азап шегип, аўырып қалды. Себеби Тамара пәк қыз болғанлықтан, Амнон ушын қызға бир нәрсе ислеў мүмкиншилигин табыў қыйын еди.
3 Бирақ Амнонның Ионадаб деген жорасы бар еди. Ионадаб Даўыттың әжағасы Шимеаның улы болып, ол жүдә ҳийлекер еди.
4 Бир күни Ионадаб Амноннан: – Ҳәй, патшаның улы, неге күннен-күнге азып баратырсаң? Маған себебин айтпайсаң ба? – деп сорады. Амнон оған: – Туўысқаным Абшаломның қарындасы Тамараны сүйип қалдым, – деп жуўап берди.
5 Ионадаб оған: – Төсекке жатып алып, өзиңди аўырып атырғандай етип көрсет. Әкең сени көриў ушын келгенде, оған: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, маған аўқат писирип берсин. Аўқатты көз алдымда писирсин, оны көрип, қолынан аўқат жейин», – деп айт, – деди.
6 Солай етип, Амнон төсекке жатып алып, өзин аўырып атырғандай етип көрсетти. Патша оны көриўге келгенде, Амнон патшаға: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, көз алдымда бир-еки таба нан писирип берсин. Мен оның қолынан нан жейин», – деди.
7 Сонда Даўыт сарайда жасап атырған Тамараға: «Әжағаң Амнонның үйине барып, оған жейтуғын бир нәрсе писирип бер», – деп хабар жиберди.
8 Тамара әжағасы Амнонның үйине кетти. Ол төсекте жатырған еди. Тамара қамыр ийлеп, оның үйинде таба нан писирди.
9 Соңынан табаны алып, нанды Амнонның дастурханына қойғанда, ол жегиси келмеди. Сонда Амнон үйдегилерге: «Қасымнан ҳәмме шығып кетсин», – деп буйырды. Ҳәмме шығып кетти.
10 Буннан кейин, Амнон Тамараға: «Аўқатты жататуғын бөлмеме алып кел, мен сениң қолыңнан аўқат жейин», – деди. Тамара өзи писирген нанларды әжағасы Амнонның жататуғын бөлмесине апарды.
11 Жесин деп, Тамара нанды Амнонға жақынлатқанда, ол Тамараны услап алып: – Қарындасым, кел, мениң менен жат, – деди.
12 Бирақ Тамара оған былай деди: – Яқ, әжаға, мениң намысыма тийме. Израилда бундай ис исленбейди. Бундай ақылсызлықты ислеме.
13 Усындай шерменделиктен кейин, мен қалай бас көтерип жүре аламан? Ал сен Израилдағы ақмақ адамлардың бири болып қаласаң. Өтинемен, патша менен сөйлес, ол сениң маған үйлениўиңе қарсы болмайды.
14 Деген менен, Амнон Тамараға қулақ салғысы келмеди. Ол қыздан күшлирек болғанлықтан, қызды зорлап, намысына тийди.
15 Соннан соң, Амнонның Тамараны жек көргенлиги соншелли, оның жек көриўшилиги бурын болған муҳаббатынан да күшлирек еди. Амнон Тамараға: – Тур, жоқ бол! – деди.
16 Тамара Амнонға: – Яқ, мени қуўыўың – бул биринши ислеген жаманлығыңнан да аўырырақ, – деди. Бирақ Амнон оған қулақ салғысы келмеди.
17 Амнон хызметши жигитин шақырып оған: «Мына биреўди бул жерден қуўып жибер де, артынан қапыны жаўып тасла», – деди.
18 Жигит Тамараны сыртқа шығарып, изинше қапыны жаўды. Тамараның үстинде узын, жеңи де узын нағыслы кийим бар еди. Патшаның турмысқа шықпаған қызлары усылай кийинетуғын еди.
19 Тамара басына күл шашып, үстиндеги узын жеңли кийимин жыртып таслады. Ол қоллары менен басын услап, дад салып, еңиреўи менен кетти.
20 Әжағасы Абшалом қызға: «Сениң менен бирге болған әжағаң Амнон ба еди? Енди сестиңди шығарма, қарындасым. Ол сениң әжағаң-ғо. Бул ўақыяға қапа болма», – деди. Солай етип, Тамара әжағасы Абшаломның үйинде жалғыз ҳәм муңлы жасады.
21 Даўыт патша болып өткенлер ҳаққында еситип, қатты ғәзепленди.
22 Абшалом Амнонға жақсы да, жаман да сөз айтпады. Өйткени ол қарындасы Тамараның намысына тийгени ушын, Амнонды жек көрип қалған еди.
23 Еки жылдан кейин, Абшалом патшаның барлық улларын өзиниң қойын қырқтырып атырған жерге, Эфрайым қаласына жақын жердеги Баал-Хасорға шақырды.
24 Абшалом патшаға келип: – Мен қойларымды қырқтырып атырман. Өтинемен, өзиңиз де, хызметшилериңиз де мениң менен бирге сол жерге барсаңыз, – деди.
25 Даўыт патша оған: – Яқ, улым, егер бизлер ҳәммемиз барсақ, саған жүк боламыз, – деди. Абшалом қатты жалынса да, патшаның барғысы келмеди, бирақ баласына пәтия берди.
26 Сонда Абшалом патшаға: – Онда әжағам Амнонның бизлер менен бирге барыўына рухсат бериң, – деди. Патша оннан: – Амнон неге сениң менен барыўы керек? – деп сорады.
27 Бирақ Абшалом жалына бергеннен кейин, патша Амнонды ҳәм басқа улларының ҳәммесин оның менен бирге жиберди.
28 Абшалом хызметшилерине былай деп буйырды: «Амноннан көз үзбеңлер! Ол шарап ишип, мәс болған ўақытта, мен сизлерге: „Амнонды өлтириң“, – деп айтаман. Сонда оны өлтириңлер. Қорқпаңлар! Сизлерге буйрықты мен берип атырман. Күшли ҳәм мәрт болыңлар!»
29 Хызметшилер Абшаломның буйрығын орынлап, Амнонды өлтирди. Сонда патшаның басқа уллары ғашырларына минип, қашып кетти.
30 Олар жолда киятырғанда, Даўытқа: «Абшалом патшаның барлық улларын өлтирипти, олардың бирде биреўи тири қалмапты», – деген хабар жетип келди.
31 Патша орнынан турды да, кийимлерин жыртып, өзин жерге таслады. Оның жанындағы барлық хызметшилери де кийимлерин жыртты.
32 Сонда Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионадаб былай деди: «Тақсыр, ҳәмме улларымнан айырылып қалдым деп ойламаңыз. Тек Амнон өлди. Себеби ол қарындасы Тамараның намысына тийгеннен бери, Абшалом Амнонды өлтириўди ойлап жүрген еди.
33 Сонлықтан тақсыр, ҳәмме улларыңыз өлди, деген хабардан тәшиўишленбең. Тек жалғыз Амнон ғана өлди».
34 Сол арада Абшалом қашып кетти. Гүзетши жигит төбешиктиң батыс жолынан үлкен бир аламанның киятырғанын көрди.
35 Ионадаб патшаға: «Әне, улларыңыз киятыр. Қулыңыздың айтқанындай болды», – деди.
36 Ол айтып болар-болмастан, патшаның уллары жетип келди де, дад салып жылай баслады. Патша да, хызметшилери де қатты өкирип жылады.
37 Ал Абшалом қашып, Гешур патшасы Аммиҳуд улы Талмайдың жанына барды. Даўыт улы Амнон ушын узақ ўақыт аза тутты.
38 Гешурға қашқан Абшалом ол жерде үш жыл болды.
39 Енди патша Даўыт Абшаломды сағына баслады. Себеби ол Амнонның өлимине жубаныш тапқан еди.