3 Патшалар 19 bob

Илиястың қашып кетиўи(1-9). Жаратқан Ийениң Илиясқа көриниўи(10-18). Элишаның шақырылыўы(19-21).

1 Патша Ахаб Илиястың ислеген ҳәмме ислерин, барлық пайғамбарларды қалай қылыштан өткергенин ханбийке Изабелге айтып берди.
2 Сонда Изабел Илиясқа: «Ертең анық усындай ўақытқа шекем сениң пайғамбарларға ислегениңди өзиңе ислемесем, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деп хабар жиберди.
3 Илияс буны еситкенде қорқып, жан сақлаў ушын Яҳудадағы Беер-Шеба қаласына қашып барып, хызметшисин сол жерде қалдырды.
4 Ал өзи болса, шөлде бир күн жол жүрди. Ақырында, бир теректиң астына келип отырды да, өзине өлим сорап: «Жаратқан Ийем, жетер енди! Жанымды ал, мениң ата-бабаларымнан артық жерим жоқ», – деп дуўа етти
5 Соңынан теректиң шақалары астына жатып, уйқыға кетти. Тосаттан бир периште оны түртип: «Турып, жеп ал», – деди.
6 Илияс турып қараса, бас бетинде тасқа қойып писирилген ыссы шөрек пенен бир гүзе суў турған екен. Ол ишип-жеп болып, және уйқыға кетти.
7 Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет қайтып келди де, оны түртип: «Турып, жеп ал, алдыңда узақ жол турыпты», – деди.
8 Илияс турып, ишип-жеди. Сол аўқаттан күш алған Илияс Қудайдың таўы болған Хореб таўына шекем қырық күн, қырық түн жол жүрди
9 Ол сол жердеги бир үңгирге кирип түнеди. Мине, Жаратқан Ийеден Илиясқа сөз түсти. Ол Илиясқа: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады.
10 Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
11 Жаратқан Ийе Илиясқа: – Таўға шығып, көз алдымда тур. Мен сениң жаныңнан өтемен, – деди. Жаратқан Ийениң алдында таўларды жарып, жартасларды майдалаған қатты ҳәм күшли самал ести. Бирақ Жаратқан Ийе самал ишинде емес еди. Самалдан кейин жер силкинди, бирақ Жаратқан Ийе жер силкиниў ишинде де емес еди.
12 Жер силкиниўден кейин, от түсти, бирақ Жаратқан Ийе оттың да ишинде емес еди. Оттан кейин өлпең даўыс еситилди.
13 Илияс бул даўысты еситкенде, бетин шапаны менен жаўып алды да, сыртқа шығып, үңгирдиң аўзында турды. Сол ўақытта бир даўыс: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады.
14 Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
15 Сонда Жаратқан Ийе Илиясқа: – Келген жолың менен изиңе қайтып, шөл арқалы Дамаскке бар. Ол жерге барғаныңда, Хазаелди майлап, Арамға патша етип қой,
16 Нимший улы Еҳуды майлап, Израилға патша етип, ал абел-мехолалы Шафат улы Элишаны майлап, өзиңниң орныңа пайғамбар етип қой.
17 Хазаелдиң қылышынан қашып қутылғанды Еҳу, Еҳудың қылышынан қашып қутылғанды Элиша өлтиреди.
18 Деген менен, Израилда Баалға тәжим етип, оны сүймеген жети мың адамды тири қалдыраман.
19 Солай етип, Илияс сол жерден кетип, Шафат улы Элишаны таўып алды. Ол он еки жуп өгиз бенен жер айдап атырғанлардың он екиншиси болып жер айдап атыр екен. Илияс Элишаның жанына жақынлап, шапанын оның үстине атып жиберди.
20 Элиша өгизлерди қалдырып, Илиястың изинен жуўырды ҳәм оған: – Ата-анамды сүйип қайтыўыма рухсат берсеңиз, соңынан изиңизден жетип аламан, – деди. – Илияс Элишаға: – Яқшы, кете бер, бирақ саған не қылғанымды умытпа, – деди.
21 Солай етип, Элиша изине қайтып барып, бир жуп өгизин сойды. Олардың мойынтырықларын отын етип жағып, гөшин писирди ҳәм адамларға тарқатты. Адамлар да жеди. Кейин Элиша Илиястың изинен кетти ҳәм оған хызмет ете баслады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.