1 Жылнама 19 bob
1 Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды.
2 Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил билдириў ушын Ханунға елшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда,
3 аммон басшылары Ханунға: «Даўыт мына елшилерди әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген», – деди.
4 Сонда Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына дейин қыйдырып таслап, оларды изине қайтарып жиберди.
5 Солай етип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6 Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен атлыларды жаллап алыў ушын мың талант гүмис жиберди.
7 Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды.
8 Даўыт буны еситип, Иоаб басшылығында мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил ордасын оларға қарсы атландырды.
9 Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды.
10 Иоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды.
11 Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Олар аммонларға қарсы сап тартып турды.
12 Иоаб: «Арамлар меннен басым келсе, жәрдемге келерсең. Ал егер аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман.
13 Батыр бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүрес алып барайық! Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин», – деди/
14 Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты.
15 Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Иоабтың иниси Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин, Иоаб Ерусалимге қайтып келди.
16 Арамлар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Евфрат дәрьясының арғы жағасындағы арамларға елшилер жиберип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шофахтың қол астындағы арамларды шақырды/
17 Буннан хабар тапқан Даўыт пүткил Израил ордасын топлады. Кейин Иордан дәрьясын кесип өтип, оларға қарсы әскерлерин сапқа турғызды. Даўыт арамларға ҳүжимге өтип, олар менен урысты.
18 Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети мың саўаш арбасының арбакешлери менен қырық мың пияда әскерин өлтирди. Ол олардың ордасының сәркәрдасы Шофахты да өлтирди.
19 Ҳададезердиң қол астындағы патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Даўыт пенен тынышлық келисимин дүзди ҳәм оған бағынышлы болды. Соннан кейин, арамлар аммонларға жәрдем бериўден бас тартатуғын болды.