1 Жылнама 29 bob

Ибадатхананың қурылысы ушын берилген саўғалар(1-9). Даўыттың дуўасы(10-20). Сулайманның майланып, патша болыўы(21-25). Даўыттың өлими(26-30).

1 Даўыт патша пүткил жәмийетке былай деди: «Қудай таңлап алған улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал қылынатуғын ис жүдә үлкен. Себеби бул имарат адам ушын емес, ал Қудай Ийе ушын салынады.
2 Қудайымның Ибадатханасы ушын қолымнан келгенинше алтын буйымлар ушын алтын, гүмис буйымлар ушын гүмис, қола буйымлар ушын қола, темир буйымлар ушын темир, ағаш буйымлар ушын ағаш, және де, оникс, қаснаққа қойылатуғын таслар, периўза, ҳәр түрдеги реңли таслар, сондай- ақ, қымбатбаҳа таслар менен мрамордың ҳәмме түрлерин жыйнадым.
3 Булардан тысқары, Қудайымның Ибадатханасына болған ықласым себепли, өзимниң жеке қазнамдағы алтын менен гүмисти де Қудайымның Ибадатханасына беремен. Оларды бул мухаддес Ибадатхана ушын өзим таярладым.
4 Мен берип атырған үш мың талант Офир алтыны менен жети мың талант сап гүмис Ибадатхананың дийўалларын қаплаў,
5 барлық алтын ҳәм гүмис буйымларды ислеў ушын ҳәм өнерментлердиң барлық ислеринде қолланылсын. Және де, ким бүгин өзин Жаратқан Ийеге бағышлап, Оған өз ықтыяры менен садақа бериўди қәлейди?»
6 Сонда әўлад басшылары, Израилдың урыў басшылары, мыңбасылар, жүзбасылар ҳәм патшаның ислерин басқаратуғын хызметкерлер ықтыярлы садақалар берди.
7 Олар Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын бес мың талант алтын менен он мың дарик алтын, он мың талант гүмис, он сегиз мың талант қола ҳәм жүз мың талант темир саўға қылды.
8 Баҳалы таслары бар адамлар оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазнасына, Гершонның урпағынан болған Ехиелдиң қолына тапсырды.
9 Халық өз басшыларының ықтыярлы түрде берген сыйлары ушын қуўанды. Өйткени олар Жаратқан Ийеге шын жүректен ықтыярлы түрде садақалар берип атырған еди. Даўыт патша да қатты қуўанды.
10 Даўыт пүткил жәмийеттиң көз алдында Жаратқан Ийени алғыслап, былай деди: «Бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11 Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ, Жеңис ҳәм салтанат Сеники. Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники. Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе! Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12 Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер. Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў, Сениң қолыңда.
13 Енди, Қудайымыз, Сени тәрийиплеп, Әжайып атыңа алғыс-мақтаўлар айтамыз.
14 Бирақ Саған ықтыярлы садақалар бере алатуғындай, мен киммен, халқым ким болыпты? Ҳәр бир нәрсе Сеннен шығады, бизлер тек Сениң қолыңнан алғанларымызды ғана Саған берип атырмыз.
15 Сениң алдыңда бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы, жат жерли келгиндимиз. Жер жүзиндеги өмиримиз көлеңке сыяқлы өткинши ҳәм үмитсиз.
16 Қудайымыз, Жаратқан Ийе, мухаддес атыңа арнап Ибадатхана қурыў ушын бизлер таярлаған мына ағыл-тегил байлықты Сениң қолыңнан алғанбыз, ҳәммеси Сеники.
17 Қудайым, мен Сениң жүректи сынайтуғыныңды ҳәм ҳадаллықты унататуғыныңды билемен. Мына нәрселердиң ҳәммесин мен шын жүректен ықтыярлы түрде бердим. Ҳәзир усы жерде турған халқыңның да Саған ықтыярлы садақалар берип атырғанын қуўаныш пенен көрип турман.
18 Жаратқан Ийе, бабаларымыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы! Халқыңның бул қәлеўин мәңгиге олардың жүрегинде сақлап, жүреклерин Өзиңе садық қәлпинде сақлап қала гөр!
19 Улым Сулайманға да Сениң буйрықларыңа, қарарларыңа ҳәм қағыйдаларыңа бойсыныўы ушын, және де мен керекли затларды таярлап қойған Ибадатхананы қурыўы ушын садық жүрек бере гөр!»
20 Соңынан Даўыт пүткил жәмийетке: «Қудайыңыз Жаратқан Ийени алғыслаңлар!» – деди. Солай етип, ҳәммеси ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени алғыслады, Қудайдың ҳәм патшаның алдында басларын ийип, тәжим етти.
21 Келеси күни халық Жаратқан Ийеге арнап, мың бас буға, мың бас қошқар, мың тоқлы шалып, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Буларға қоса, ишимлик садақаларын да усынды. Пүткил израиллылар ушын басқа да көп қурбанлықлар берилди.
22 Сол күни израиллылар үлкен қуўаныш пенен Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеди. Кейин, Даўыттың улы Сулайманды екинши мәрте патша деп тастыйықлады. Сулайманды Жаратқан Ийениң алдында майлап, ҳүкимдар, ал Садоқты майлап, руўханий етип қойды.
23 Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың орнына патша болып, Жаратқан Ийениң берген тахтына отырды. Ол табыслы болып, пүткил Израил оған бойсынды.
24 Барлық басшылар, батырлар ҳәм Даўыттың уллары патша Сулайманға бағынды.
25 Жаратқан Ийе пүткил Израилдың көз алдында Сулайманды уллы мәртебели қылды ҳәм оны бурынғы Израилдағы патшалардың ҳеш бири ерисе алмаған салтанатқа бөледи.
26 Ишай улы Даўыт пүткил Израил үстинен патшалық етти.
27 Оның Израил үстинен патшалық еткен ўақты қырық жыл болып, жети жыл Хебронда, отыз үш жыл Ерусалимде патшалық етти.
28 Даўыт өмирдиң рәҳәтин көрип, байлыққа ҳәм иззет-ҳүрметке толы күнлерди бастан кеширди ҳәм мазмунлы узақ өмир сүрип, бул дүньядан көз жумды. Оның орнына улы Сулайман патша болды.
29 Даўыт патшаның патшалық қурған дәўириндеги ислеген ислери басынан аяғына шекем көзи ашық Самуелдиң, пайғамбар Натанның, ўәлий Гадтың қол жазбаларында жазылған.
30 Бул жазбалар Даўыттың патшалығы дәўириндеги ислер, оның қүдирети, оның басынан кеширген ўақыялары, Израилда ҳәм дөгеректеги барлық еллерде болған ўақыялар туўралы баян етеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.