Нехемия 2 bob

Нехемияның Ерусалимге қайтыўы(1-20). 

1 Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылы, Нисан айы еди. Мен патшаның алдына әкелинген шарапты оған усындым. Бурын ҳеш қашан патша мени түскин аўҳалда көрген жоқ еди.
2 Сонлықтан патша маған: – Неге қапа көринесең? Билемен, кесел емессең. Жүрегиңде бир дәртиң бар ма деймен? – деди. Мен қатты қорқып кеттим.
3 Сонда да патшаға: – Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! Ата-бабаларымыз жерленген қала қаңырап, дәрўазалары өртелген болса, мен қалай қапа болмайын? – дедим.
4 Патша маған: – Не тилейсең? – деди. Сонда мен ишимнен аспанның Қудайына дуўа еттим,
5 кейин патшаға былай дедим: – Тақсыр, егер мақул деп тапсаңыз ҳәм мендей қулыңызға кеўлиңиз толған болса, онда мени Яҳудаға, ата-бабаларым жерленген қалаға жиберсеңиз. Мен бул қаланы қайта қурмақшыман.
6 Сонда ханбийке де патшаның жанында отырған еди. Патша меннен: – Сапарың қанша ўақытқа созылады, қашан қайтып келесең? – деп сорады. Патша мени жибериўге ыразы болды. Соңынан мен ўақытты белгилеп айттым.
7 Мен патшаға және былай дедим: – Тақсыр, егер сизге мақул болса, Яҳудаға жетип барғанымша, өз жерлеринен өтиўиме рухсат бериўи ушын, дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине хат жазып берилсин.
8 Және де, патша тоғайларының бажбаны Асафқа да хат жаздырып берсеңиз. Ол маған Қудайдың Ибадатханасы жанындағы қорғанның дәрўазаларын, қала дийўалларын соқтырыўым ҳәм өзиме үй салдырыўым ушын керек болатуғын ағашларды берсин. Қудайдың мийримли қолы мениң үстимде болғанлығы себепли, патша сорағанымның ҳәммесин берди.
9 Патша мениң менен бирге бир неше әскербасылар ҳәм атлылар жиберген еди. Мен дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине келип, оларға патшаның хатларын бердим.
10 Хоронлы Санбаллат ҳәм аммон халқынан болған хызметши Тобия Израил халқының ийгилиги ушын ғамхорлық етиўге бир адамның келгенин еситкенде, қатты ғәзепленди.
11 Мен Ерусалимге келип, ол жерде үш күн болдым.
12 Мен Ерусалим ушын ислейтуғын ислеримди Қудайымның жүрегиме салғанын ҳеш кимге айтпадым. Түнде турып, жанымдағы адамлардан бир нешеўин ертип, жолға шықтым. Жаныма өзим минип жүрген жаныўардан басқа ҳеш қандай жаныўар алған жоқ едим.
13 Түнде Ойпатлық дәрўазасы арқалы шығып, Айдарҳа булағына, ол жерден Тезек дәрўазасына бардым. Мен ўайран етилген Ерусалим дийўалларын ҳәм оның жағып жиберилген дәрўазаларын көзден кеширдим.
14 Соңынан Булақ дәрўазасына ҳәм Патша ҳаўызына бардым. Бирақ астымдағы жаныўарым өтиўге жол таба алмады.
15 Сонлықтан түнде сай бойлап көтерилип, дийўалды көзден кеширдим. Ақырында, кери айланып, Ойпатлық дәрўазасы арқалы изге қайттым.
16 Ҳүкимет басшылары мениң қай жерге барып, не ислеп жүргенимди билмеди. Себеби мен яҳудийлерге де, руўханийлерге де, ақсүйеклерге де, басшыларға да, усы иске қатнасы бар басқа жумыс алып барыўшыларға да еле ҳеш нәрсе айтпаған едим.
17 Соңынан мен оларға: «Қандай апатшылыққа ушырағанымызды көрип турсыз ба? Ерусалим босап қалған, ал оның дәрўазалары болса, жандырып жиберилген. Жүриңлер, Ерусалимниң дийўалларын қайта тиклейик. Буннан былай аяқ асты болыўға шек қояйық», – дедим.
18 Мен оларға Қудайдың мийримли қолының мениң үстимде екенин ҳәм патшаның өзиме айтқан сөзлерин айтып бердим. Сонда олар: «Қурылысты баслаймыз», – деди ҳәм қайырлы иске бар күшин жумсаўға таяр турды.
19 Бирақ хоронлы Санбаллат, аммон халқынан болған хызметши Тобия ҳәм араб халқынан болған Гешем буларды еситкенде, үстимизден күлди ҳәм: – Не ислеп атырсыз өзи? Ямаса патшаға қарсы бас көтерип атырсызлар ма? – деп бизлерди кемситип сөйледи.
20 Сонда мен оларға: – Аспанның Қудайы исимизди сәтли қылады, ал Оның қуллары болған бизлер қурылысты баслаймыз. Сизлердиң Ерусалимде үлесиңиз де, ҳақыңыз да, тарийхый дерегиңиз де жоқ, – деп жуўап бердим.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.