Шыгыу 39 bob
1 Олар қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиптен Мухаддес орында хызмет еткен ўақытта кийиўи ушын, руўханийлерге әжайып қылып кийимлер тикти. Харонға да мухаддес кийимлер тикти. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
2 Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип пенен ҳасыл зығыр жиптен иследи.
3 Алтынды жуқалап, жиңишке қылып кесип, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырға араластырып, шеберлик пенен кестелеў ушын, жип ийирди.
4 Эфодтың алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баў тикти.
5 Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда бир белбеў иследи. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленди. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
6 Кейин Израил улларының атларын еки оникс тасына мөр сыяқлы етип, ойып жазды. Жазылған тасларды өрилген алтын қаснақлардың ишине қойып,
7 Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, эфодтың ийин баўларына орнатты. Булар да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип исленди.
8 Қалталы өңирше де эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап исленди.
9 Ол төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс еди.
10 Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл таслар қадалды. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет,
11 екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат,
12 үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист,
13 төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болды. Таслар өрилген алтын қаснақларға орнатылған еди.
14 Таслар он еки болып, оларда мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылған еди. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы еди.
15 Кейин қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар иследи.
16 Және де, еки өрилген алтын қаснақ ҳәм еки алтын ҳалқа ислеп, ҳалқаларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақты.
17 Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдирди.
18 Шынжырлардың екинши ушын еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине, ийин баўларға байлады.
19 Еки алтын ҳалқа ислеп, өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақты.
20 Және еки алтын ҳалқа ислеп, эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақты.
21 Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқаларын қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлады. Солай етип, өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында туратуғын болды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
22 Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийимди толық қызғыш көк жиптен тоқыды.
23 Онда бас сыятуғын орын болып, сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыды.
24 Кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл,
25 қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленген анарды ҳәм оның араларына сап алтыннан исленген қоңыраўларды айландырып гезекпе-гезек тағып шықты. Харон хызмет еткенде усы кийимди кийетуғын еди.
26 Буларды да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи
27 Харон ҳәм оның уллары ушын, ҳасыл зығырдан тоқылған узын көйлеклерди,
28 ҳәм ҳасыл зығырдан сәллени, кишигирим сәллелерди ҳәм диз кийимлерди иследи.
29 Белбеўди де ҳасыл зығыр, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден нағыслап тоқыды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи.
30 Сап алтыннан таж сыяқлы мухаддес маңлайша ислеп, үстине мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жазды.
31 Бул маңлайша сәллеге қызғыш көк баў менен байланды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
32 Солай етип, Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының барлық ислери тамамланды. Израиллылар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи.
33 Соңынан олар Муўсаға шатыр ҳәм оның барлық буйымларын алып келди. Булар мыналардан ибарат еди: шатырдың перделери, илмеклери, тахтайлары, қадалары, бақанлары, ултанлары,
34 қызылға боялған қошқар терисинен ҳәм жумсақ териден исленген жапқышлар, ишки бөлмениң пердеси,
35 Келисим сандығы, оның сырықлары ҳәм қақпағы,
36 стол, оның барлық буйымлары ҳәм усынылған нанлар,
37 сап алтыннан исленген шыра қойғыш, оның үстине бир қатар етип қойылған шыралар, оның барлық буйымлары ҳәм шыраларға қуйылатуғын зәйтүн майы,
38 түтетки түтетилетуғын алтын орын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майы, хош ийисли түтетки, шатырдың кирер аўзы ушын перде,
39 жандырылатуғын қурбанлық ушын қоладан исленген орын, оның қоладан исленген торы, сырықлары ҳәм барлық буйымлары, үлкен ләген ҳәм оның туяқлары,
40 ҳәўлиниң перделери, бақанлары, ултанлары, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеси, арқанлары, қазықлары, шатырда хызмет еткенде қолланылатуғын барлық нәрселер,
41 Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлер – руўханий Харонның мухаддес кийимлери ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлери.
42 Усылардың ҳәммесин израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи.
43 Муўса барлық ислердиң Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып исленгенин көргенде, оларға ақ пәтиясын берди.