Ўазшы 12 bob

Соңғы сөз (9-14).

1 Қайғылы күнлер, яғный ақырғы күнлер келип: «Мен олардан ҳеш рәҳәт таппадым», – деп айтпасыңнан алдын, Жаслық шағыңда Жаратыўшыңды еске ал!
2 Қуяш, жарықлық, ай ҳәм жулдызлар гүңгиртленип, Жаўын изинен және қара бултлар қапламастан алдын, Оны еске ал!
3 Сол күн келгенде, Үйди қорғайтуғынлар қалтырайды, Күшлилер ийиледи, Дигирман тартыўшылар аз қалғанлықтан, исин тоқтатады, Терезеден сыртқа қарайтуғынларды гүңгирт тартады.
4 Көшеге қараған қапылар жабылады, Дигирманның сестин еситпейтуғын болады. Қус сестинен оянады, Бирақ сайрағанын зорға еситеди.
5 Бәлентликтен қорқатуғын болып қалады, Көшеге шығыўға жүрексинбейди, Бадам ағашы ақ түске енеди, Шегиртке сүйретилип қалады, Ҳеш бир мийўе қуштарлық оятыўға жәрдем бермейди. Адам өзиниң мәңгилик үйине кирежақ, Көше жоқлаў айтып жылағанларға толып кетеди.
6 Сонлықтан гүмис шынжыр үзилип, Алтын кесе сынбастан, Булақ басындағы гүзе қыйрап, Қудық үстиндеги суў тартқыш үзилместен,
7 Топырақтан исленген денең жерге қайтпастан, Қудай берген руўхың да Қудайға қайтпастан бурын, Өзиңди Жаратқанды еске ал!
8 Бийҳуда, бийҳуда! – дейди Ўазшы, – Ҳәммеси бийҳуда!
9 Ўазшы дана адам болып ғана қоймай, билгенлерин халыққа да үйретти. Ол көплеген нақыл-мақалларды ой елегинен өткизип, изертледи ҳәм қайта ислеп, орны-орнына қойды.
10 Ўазшы терең мәнили сөзлерди изледи, ол ҳақыйқат сөзлерин дурыс жазды.
11 Даналардың сөзлери шопанның ушлы таяғына, жыйналған нақыл сөзлер беккем қағылған шегеге уқсайды. Бул сөзлер бир Шопан тәрепинен берилген.
12 Булардан тысқары, балам, мыналарды билип қой: көп китап жазыўдың шеги жоқ, көп китап оқыў денени шаршатады.
13 Ҳәмме нәрсе айтылды, енди жуўмақты тыңлайық: Қудайдан қорқ, Оның буйрықларын орынла! Бул ҳәр бир адамның парызы.
14 Қудай ҳәр бир исти, Жасырын исленген жақсы-жаман ислердиң ҳәммесин ҳүким қылады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.