Ийшая 1 bob

Жаратқан Ийениң Яҳуда халқына ескертиўи (2-20), Қудай Ерусалимди ҳүким етеди (21-31).

1 Яҳуда патшалары Уззия, Иотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық қылған дәўирде Амос улы Ийшаяның Яҳуда ҳәм Ерусалим туўралы көрген аяны:
2 Ҳәй көклер, тыңлаң! Ҳәй жер, қулақ түр! Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен балаларды тәрбиялап, өсирдим, Бирақ олар Маған қарсы бас көтерди.
3 Мал өз ийесин, Ешек ийеси қойған ақырды таныйды. Бирақ Израил Мени танымайды, Халқым Мени түсинбейди».
4 Ўаҳ, гүналы миллет, Жазығы аўыр халық, Жаўызлық ислеўши әўлад, Бузғын балалар, ҳәсирет шегесизлер! Сизлер Жаратқан Ийени тәрк еттиңиз, Израилдың Мухаддесин менсинбедиңиз, Оған арқаңызды қараттыңыз.
5 Не ушын сизлер еле жазалана бересиз? Неге бас көтериўди даўам ете бересиз? Басыңыз пүткиллей жараланған, Жүрегиңиз толық ҳәлсиреген.
6 Аяғыңыздың ушынан басыңызға шекем саў жериңиз жоқ, Тек жарақатлар, кесиклер, ашық жаралар. Жуўылмаған, байланбаған, май жағылмаған.
7 Елиңиз ўайран болған, Қалаңыз жанып күл болған. Жат жерлилер көз алдыңызда жериңизди талан-тараж етер, Ўайран етип, оны қарабақанаға айландырар.
8 Қыз Сион жалғызланып, жүзим бағындағы саяман, Палыз атызындағы шертек, Қамалдағы қала сыяқлы болып қалар.
9 Егер Әлемниң Жаратқан Ийеси, Бизлер ушын бир қанша адамды аман қалдырмағанда, Бизлер Содомдай болар, Гомораға мегзер едик.
10 Ҳәй, Содом басшылары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Ҳәй, Гомора халқы, Қудайымыздың Нызамына қулақ салың!
11 Жаратқан Ийе былай дейди: «Қурбанлықларыңыздың көп болғанынан Маған не пайда?! Жандырылатуғын қурбанлыққа берген қошқарларыңызға, Семиртилген малларыңыздың майларына әбден тойдым. Буға, тоқлы ҳәм ешкилердиң қанынан ләззет алмайман.
12 Алдыма хызмет етиў ушын келгениңизде, Ким сизлерден булардың ҳәммесин алып келиўди сорады? Мениң ҳәўлимди басқыламаң,
13 Артық мәниссиз садақаларыңызды усынбаң! Хош ийисли түтеткилериңиз де Маған жеркенишли. Жаңа ай байрамларыңыздағы, Шаббат күнлериңиздеги ҳәм басқа да жыйналысларыңыздағы жаўызлықларға тақатым жоқ.
14 Жаңа ай байрамыңызды ҳәм белгиленген байрам күнлериңизди, Жаным жек көреди. Олар Мен ушын жүк болды, Оларды көтерип жүриўден шаршадым.
15 Сизлер қол жайып, Маған жалбарынғаныңызда, Көзимди сизлерден жасыраман, Қаншама көп дуўа етсеңиз де, Мен тыңламайман. Қолларыңыз қанға батқан,
16 Жуўының, тазаланың. Ислеген жаўыз ислериңизди көзимнен жоқ қылың, Жаманлық қылыўды тоқтатып,
17 Жақсылық ислеўди үйрениң! Әдалатлықты излең, Езиўшини жолға салың, Жетимди қорғаң, Жесирди жақлаң».
18 Жаратқан Ийе былай дейди: «Келиңлер, мәселени бирге талқылайық! Гүналарыңыз қып-қызыл болса да, Олар қардай аппақ болады. Олар шым қызыл болса да, Ақ жүндей болады.
19 Егер бойсынып, тыңласаңыз, Жер өндирген жақсы нәрселерди жейсиз.
20 Ал егер қасарысып, бас көтерсеңиз, Сизлерди қылыш жалмайды». Булар Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан сөзлер.
21 Ерусалим! Қалайынша садық қала бузық ҳаялға айланды? Ол әдалатқа толы еди, Онда әдиллик мәкан басқан еди, Енди болса, қанхорларға толған!
22 Гүмистей едиң ғаўажаққа айландың, Жақсы шараптай едиң енди суў араласты.
23 Ҳүкимдарларың қулақсызлық етти, Урыларға шерик болды. Олардың ҳәммеси параны жақсы көреди, Саўға дәме етеди. Олар жетимлерди қорғамайды, Жесирлердиң арзын тыңламайды.
24 Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Күшли Қудайы былай дейди: «Душпанларыма ғәзебимди төгип, Жаўларымнан өшимди аламан!
25 Қолымды саған қарсы көтерип, Ғаўажағыңды силтидей тазартаман, Барлық қосымталарды сеннен алып таслайман.
26 Бурынғыдай, бийлериңди қайта тиклеп, Басында болғанындай, мәсләҳәтшилериңди қайта қояман. Сонда сени „Әдиллик қаласы, Садық пайтахт“ деп атайды».
27 Сион әдалатлық пенен, Тәўбе қылған турғынлары әдиллик пенен қутқарылады.
28 Бирақ өшегискенлери ҳәм гүнакарлары бирге қырып тасланып, Жаратқан Ийени тәрк еткенлер жоқ қылынады.
29 Заўықланып сыйынған кийели теребинф ағашларыңыз ушын уятқа қалып, Сыйыныў ушын өзлериңиз сайлап алған бағларыңыз ушын шерменде боласыз.
30 Сизлер жапырағы төгилген теребинф ағашына, Суўсыз қалған бағқа уқсайсыз.
31 Күшлилер қаўыққа, Олардың ислери ушқынға айланады. Күшлилер ислери менен бирге жанады, Бул отты ҳеш ким өширмейди


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.