Ийшая 10 bob
1 Әдалатсыз нызамлар шығарып, Жәбирлеўши пәрманлар жазғанлар, ҳәсирет шегесизлер!
2 Сизлер жарлыларды ҳуқықынан айырып, Халқымның ҳәлсизлерин әдалаттан маҳрум етесиз, Жесирлерди тонап, Жетимлерди олжаға айландырасыз.
3 Сизлер жаза күни, Узақтан апат келгенде не қыласыз? Жәрдем сорап кимге жуўырасыз? Байлығыңызды қаяққа қалдырасыз?
4 Тутқынлар арасында дизе бүгиўден, Ямаса саўашта өлип кетиўден басқа шараңыз жоқ. Бәри бир, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы созылыўын даўам етер.
5 Ашыўымның таяғы болған Ассирия, ҳәсирет шегеди! Қолындағы таяғы – Мениң ғәзебим.
6 Оны қудайсыз халыққа, Ғәзебим келген халыққа қарсы жиберемен. Оны талан-тараж қылып, олжалаўды, Көшедеги ылай сыяқлы, аяқ-асты қылыўды буйыраман.
7 Бирақ Ассирия патшасы булай нийет етип, Булай ойламайды да. Оның ойы көплеген миллетлерди қырып, жоқ қылыў.
8 Ол былай дейди: «Мениң ләшкербасыларымның ҳәммеси патшалар емес пе?
9 Кално қаласы Каркемиш сыяқлы, Хамат қаласы Арпад сыяқлы, Самария Дамаск сыяқлы жоқ болған емес пе?
10 Бутлары Ерусалим менен Самарияникинен де үлкен болған, Бутқа исениўши патшалықларға қолым жетти.
11 Самария ҳәм оның бутларына ислегенимди, Ерусалим ҳәм оның бутларына да ислемеймен бе?»
12 Ийемиз Сион таўына ҳәм Ерусалимге қарсы барлық ислерин тамамлап болып, былай дейди: «Ассирия патшасын мақтанып көкирек көтергени ҳәм тәкаббир нәзер таслап жүргени ушын жазалайман.
13 Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Буны өз қолларымның күши менен, Өз даналығым менен иследим. Өйткени мен ақыллыман. Мен халықлардың шегараларын алып таслап, Ғәзийнелерин таладым, Қүдиретли биреўдей, олардың патшаларын тахттан қулаттым.
14 Уя тапқан сыяқлы, Миллетлердиң байлығын таптым, Жойтылған мәйеклерди жыйнағандай, Пүткил дүньяны жыйнадым. Қанат қағып, аўзын ашып, Айбат еткен болмады“».
15 Балта өзи менен шаўып атырғанға мақтана ма? Ямаса жарғы өзи менен кесип атырғанға өзин мақтай ма? Таяқ өзин услап турғанды көтере ала ма? Ямаса ағаштан болмаған тири жанды шоқмар көтерип силке ала ма?
16 Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ассирияның мықлы жаўынгерлерине, Жүдететуғын кеселлик жибереди. Оның салтанаты астында алысып атырған өрт киби, Жалын тутанар.
17 Израилдың нуры отқа, Оның Мухаддеси жалынға айланып, Ассирияның тикензар ҳәм жантақларын, Бир күнде жандырып, жалмап жиберер.
18 Оның саўлатлы тоғайлары менен өнимдар жерлерин, Пүткиллей жоқ қылар Жаратқан Ийе, Жаны да, тәни де набыт болар, Аўыр дәртке жолыққан адам киби.
19 Тоғайдағы тереклердиң аз қалғаны соншелли, Ҳәтте, жас балалар да оларды санап, жаза алады.
20 Сол күни Израилдың қалғанлары, Яқыптың урпағының аман қутылғанлары, Артық өзлерин жазалағанларға арқа сүйемей, Садықлық пенен Жаратқан Ийеге, Израилдың Мухаддесине арқа сүйейди.
21 Аман қалғанлар, Яқыптың урпағының аман қалғанлары, Күшли Қудайға қайтып келеди.
22 2Израил, сениң халқың теңиздиң қумындай көп санлы болған болса да, Тек олардан аман қалғанлары ғана қайтады. Жоқ қылыныў қарар етилген, Ол әдиллик пенен иске асырылады.
23 Қарар қылынғанындай, Әлемниң Ийеси болған Қудай, Пүткил жер жүзинде жоқ қылыныўды әмелге асырады.
24 Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ҳәй, Сионда жасап атырған халқым! Мысырлылардың ислегени сыяқлы, Ассириялылар сизлерге шоқмар көтерип, Таяқ пенен урғанда, олардан қорқпаңлар.
25 Көп өтпей, Мениң сизлерге деген ғәзебим басылып, Қәҳәрим ассириялыларды жоқ қылыўға қарай дөнеди.
26 Мен, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Мидянларды Ореб жартасында қырғаным сыяқлы, Оларға қарсы қамшымды көтеремен. Мысырда қылғаным сыяқлы, Ҳасамды суўлар үстине созаман.
27 Сол күни ассириялылардың жүги еңсеңизден түсип, Мойынтырығы мойныңыздан алып тасланады. Күшке толғаныңыз себепли, мойынтырық сындырылады».
28 Ассириялылар Айят қаласына жүрис қылды, Мигронды кесип өтип, Михмасқа қуралларын қойды.
29 Қыйын жолдан асып өтип, Гебада түнеди, Рама қаласы ләрзеге келди, Гибада жасайтуғын Шаулдың халқы қашып кетти.
30 Пәрияд қыл, ҳәй, Галлим қызы! Қулақ түр, ҳәй, Лайша! Жуўап бер, ҳәй, Анатот!
31 Мадмена халқы қашып кетти, Гебим турғынлары пана излеп, ушты.
32 Бул күни душпанлар Нобта тоқтайды, Қыз Сионның таўына, Ерусалимниң төбешигине муш көтереди.
33 Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Қорқынышлы күши менен шақаларды кесип, Саўлатлы ағашларды шаўып таслайды, Бийик тереклер созылып жерге қулайды.
34 Тоғайдағы қалың жерлерди Ол балта менен шаўып таслайды, Лебанонның қалың тоғайлары да қулайды.