Ийшая 11 bob

Тыныш патшалық (1-16).

1 Ишайдың түбиринен бир путақ өсип шығып, Оның тамырынан өсип шыққан шақа мийўе берер.
2 Жаратқан Ийениң Руўхы: Даналық ҳәм ақыл-парасат руўхы, Мәсләҳәт ҳәм күш-қүдирет руўхы, Жаратқан Ийени билиў ҳәм Оннан қорқыў руўхы, Оның үстинде болар.
3 Ол Жаратқан Ийеден қорқыўдан ләззет алар. Ол көзи көргенине қарап, ҳүким қылмас, Қулағы еситкенине қарап, шешим қабылламас.
4 Ол жарлыларды әдиллик пенен ҳүким қылып, Жер бетиндеги кәмбағаллар ушын туўры қарар шығарар. Бир аўыз сөзи менен дүньяны жазалап, Деми менен залымды өлтирер.
5 Әдиллик Оның белиндеги, Садықлық Оның белдемесиндеги қайыс болар.
6 Сонда қозы қасқыр менен жасар, Қаплан ылақ пенен жатар, Баспақ, арыслан ҳәм семиртилген маллар бирге болып, Кишкене балалар оларды жетеклеп жүрер.
7 Сыйыр айыў менен бирге отлар, Олардың төллери бирге жатар, Арыслан буға сыяқлы сабан жер.
8 Бөпе жылан уясының үстинде ойнар, Нәресте қолын уўлы жыланның инине тығар.
9 Мухаддес таўымның ҳеш бир жеринде, Олар зыян келтирмес ямаса өлтирмес. Себеби теңиз суўға толғаны сыяқлы, Жер бети де Жаратқан Ийениң билимине толар.
10 Сол күни Ишайдың тамыры халықлар ушын белги болады. Миллетлер Оны излеп келеди, Оның мәканы салтанатлы болады.
11 Сол күни Ийемиз Өз халқынан аман қалғанларды қайтарыў ушын екинши рет қолын созады. Ол Ассириядан, Мысырдан, Патрустан, Куштан, Эламнан, Шынардан, Хаматтан ҳәм теңиздеги атаўлардан оларды қайтарып алып келеди.
12 Ол миллетлерге белги етип байрақ көтерип, Израилдың қуўғын болғанларын топлар. Яҳуданың тарқалып кеткенлерин, Жердиң төрт тәрепинен жыйнар.
13 Эфрайымның қызғаншақлығы тоқтар, Яҳуданың душпанлығы жоқ қылынар, Эфрайым Яҳуданы күнлемес, Яҳуда Эфрайымға душпанлық етпес.
14 Олар батыста филистлерге ҳүжим етер, Шығыстағы халықларды бирге талар, Эдомға ҳәм Моабқа қарсы қол көтерер, Аммонлар бойсынар оларға.
15 Мысыр теңизиниң қолтығын, Бөлеклеп таслар Жаратқан Ийе. Ол Евфрат дәрьясы үстине қолын созып, Күйдиретуғын самал жиберер, Оны жети арнаға бөлер, Сандал менен өтер адамлар оннан.
16 Мысырдан шыққан күни, Израиллыларға шығыў жолы болғаны киби, Жаратқан Ийениң халқының Ассирияда аман қалғанлары ушын, Үлкен бир шығыў жолы болады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.