Ийшая 12 bob
1 Сол күни сен былай дейсең: «Жаратқан Ийе! Сени алғыслайман. Сен маған ғәзеплендиң, Бирақ Өз ғәзебиңди басып, Мени жубаттың.
2 Ҳақыйқаттан да, Қудай мениң қутқарыўшым, Оған үмит байлайман, енди қорқпайман, Себеби Жаратқан Ийе болған Қудай мениң күш-қүдиретим, Ол мени қутқарыўға келди».
3 Қутқарылыў булақларынан қуўаныш пенен суў аласызлар.
4 Сол күни былай дейсизлер: «Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдирип, Оның атын айтып шақырыңлар, Халықларға Оның ислерин билдирип, Атының уллылығын жәриялаңлар.
5 Жаратқан Ийеге саз шертип, алғыс айтыңлар, Себеби Ол уллы ислер иследи, Буны пүткил дүнья билсин!
6 Сион халқы, қуўаныштан шадланып, бақыр, Өйткени араңыздағы Израилдың Мухаддеси уллы!»