Ийшая 13 bob

Бабилонға қарсы пайғамбаршылық (1-22).

1 Амос улы Ийшая көрген аянда Бабилон туўралы айтылған пайғамбаршылық сөз:
2 Тақыр төбе басына байрақ тигиң, Шабыўылшыларға даўыслап бақырың. Ақсүйеклердиң дәрўазаларына кириўи ушын, Қол былғап, оларға белги бериң.
3 Мен Өзимниң таңлап алғанларыма буйрық бердим. Ғәзебимди шашыў ушын, жаўынгерлеримди шақырдым. Мениң жеңисиме қуўанатуғынларды топладым.
4 Таўлардағы аламанның бақырысқан даўысын тыңлаң, Ол сансыз халықтың даўысына мегзер. Бир жерге жыйналған миллетлердиң, Яғный патшалықлардың қышқырысқан даўысын тыңлаң! Әлемниң Жаратқан Ийеси саўашқа ләшкер топламақта!
5 Жаратқан Ийе ҳәм Оның ғәзеп қураллары, Пүткил жерди жоқ қылыў ушын, Узақ жерлерден, аспанның шетинен киятыр олар.
6 Пәрияд етиң! Жаратқан Ийениң ҳүким күни жақын қалды! Ол келеди Қүдирети күшли Қудайдың апатшылығы киби.
7 Сол себепли қолларда дәрман қалмас, Ҳәр бир адамның руўхы түсер.
8 Оларды қорқыныш бийлеп, Дәрт ҳәм қайғы басар, Толғақ тутқан ҳаялдай азап шегер, Бир-бирине ҳайран болып қарар, Жүзлери оттай лаўлап жанар.
9 Мине, Жаратқан Ийениң ҳүким күни киятыр! Жер жүзин ўайран етип, Ондағы гүнакарларды жоқ қылыў ушын, Ғәзеп ҳәм қатты ашыў менен қәҳәрге толған.
10 Көктеги жулдызлар, олардың топары, Жарықлық таратпас, Шыққан қуяш қараўытып, Ай да нурын шашпас.
11 Мен дүньяны жаўызлығы ушын, Залымларды қылмыслары ушын жазалайман. Менменлердиң менменлигине шек қояман, Залымлардың тәкаббирлигин жерге ураман.
12 Мен адамларды сап алтыннан да, Офир алтынынан да сийрек ушырайтуғын қыламан.
13 Сонлықтан Мениң, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң отлы қәҳәри лаўлаған күни, Мен көклерди титиретемен, Ғәзебимнен жер орнынан қозғалар.
14 Сонда аңшы қуўған жейрандай, Шопаны жоқ қойлардай, Ҳәр бир адам өз халқына қайтар, Ҳәр бири өз елине қашар.
15 Ҳәр бир тутылған адам найзаға шаншылар, Ҳәр бир қолға түскен адам қылыштан өткерилер.
16 Балалары көз алдында мылжа-мылжа қылынар, Үйлери тоналып, ҳаялларының намысы аяқ асты қылынар.
17 Мине, Мен гүмисти қәдирлемейтуғын, Алтынды сүймейтуғын, Мидиялыларды оларға қарсы өшегистиремен.
18 Олардың оқ жайлары жас жигитлерди өлтирер, Бөпелерге реҳим етпес, Балаларға да аяныш пенен қарамас.
19 Мен, Қудай патшалықлардың ең салтанатлысы, Калдейлердиң жарқын мақтанышы болған Бабилонды, Содом ҳәм Гомора сыяқлы, Жер менен жексен етемен.
20 Ол жерде ҳеш қашан адам жасамас, Әўладтан-әўладқа мәкан басқан адам болмас, Көшпели араблар ол жерге шатырын тикпес, Шопанлар да сүриўин ол жерге жаймас.
21 Бирақ жабайы ҳайўанлар ол жерге мәкан басар, Ол жердеги үйлерди жабайы аңлар ийелер, Ол жерде үкилер жасар, Текелер секирип жүрер.
22 Қорған қалаларында сыртланлар, Көркем сарайларында сағаллар улыр. Бабилонның соңы жақын қалды, Оның күнлери узақ болмас.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.