Ийшая 14 bob

Жаратқан Ийениң халқының үйине қайтыўы (1-23), Ассирияға қарсы пайғамбаршылық (24-27), Филистлерге қарсы пайғамбаршылық (28-32).

1 Жаратқан Ийе Яқыптың урпақларына реҳим етер, Израилды және таңлап алып, Өзлериниң елине орналастырар. Жат жерлилер оларға қосылып, Яқыптың нәсилине биригер.
2 Халықлар оларды өз жерлерине алып келер, Израил халқы болса, оларды басып алып, Жаратқан Ийениң жеринде қул ҳәм шоры қылар. Өзлерин тутқын қылғанды тутқын қылып, Өзлерин езгенлерге ҳүкимдарлық қылар.
3 Жаратқан Ийе сизлерди азаптан, қайғыдан ҳәм қуллықтың аўыр жүгинен қутқарған күни,
4 Бабилон патшасын мазақ қылып, мына қосықты айтып берерсиз: «Мине, езиўшиниң ақыры келди! Тәкаббирлиги тамам болды!
5 Жаратқан Ийе залымның таяғын, Ҳүкимдардың ҳасасын сындырды.
6 Ол ғәзепленип, халықларды үзликсиз сабап, Аяўсыз езип, миллетлерди қәҳәр менен басқарған еди.
7 Енди пүткил дүнья тынышлық ҳәм парахатшылық ишинде, Шадланып қосық айтады.
8 Ҳәтте, Лебанонның сәрўи ҳәм кедр ағашлары, Шадланып, езиўшилер үстинен былай дейди: „Сен жерге қулағаннан бери, Ҳеш ким бизди шабыўға келмейди“.
9 Сени күтип алыў ушын, Өлилер мәканы ҳәрекетке келеди. Сени қарсы алыў ушын, Ол өлилердиң руўхларын, Жер жүзиниң барлық басшыларын оятады, Миллетлердиң барлық патшаларын, Тахтларынан турғызады.
10 Олардың ҳәммеси саған: „Сен де бизлердей ҳәлсиз болдың, Бизлерге уқсадың“, – дейди.
11 Салтанатың да, арфаңның сести де, Өлилер мәканына кирди. Шыбын қуртлары астыңа төселип, Жаўын қуртлары көрпең болды.
12 Ҳәй, жарқын жулдыз, таң улы, Көклерден қалай қуладың! Халықларды езип келген сен, Енди өзиң жерге жығылдың!
13 Сен ишиңнен былай дедиң: „Көклерге көтерилемен, Тахтымды Қудайдың жулдызларынан, Жоқарыға қояман. Қудайлар жыйналатуғын таўға, Сафон таўында отыраман.
14 Бултлардың үстине шығаман, Өзимди Қудай Тааладай қыламан“.
15 Бирақ сен өлилер мәканына, Туңғыйықтың түбине ылақтырыласаң.
16 Сени көргенлер тигилип қарап, Тәғдириңе ҳайран қалып, былай дейди: „Жерди тербелтип, Патшалықларды титиреткен,
17 Дүньяны шөлистанға айландырып, Ондағы қалаларды қыйратқан, Тутқынларды үйлерине қайтармаған адам усы ма?“
18 Миллетлердиң патшалары салтанатлы жерленип, Ҳәр бири өз қәбиринде жатыр.
19 Ал сен керексиз путақ киби, Қәбириңнен сыртқа ылақтырылдың. Сен қылыш пенен шабылған, Таслы туңғыйыққа тасланған,Өлилер арасында жатырсаң. Аяқ астында қалған өли денеге уқсайсаң.
20 Сен басқа патшалар киби жерленбейсең. Себеби сен жериңди ўайран еттиң, Халқыңды қырдың. Жаўызлық қылғанлардың нәсили ҳасла еске алынбасын!
21 Ата-бабалары ислеген айып ушын, Улларын баўызлаўға таярлаң. Олар қалып, дүньяны ийелемесин, Жер бетин өз қалалары менен толтырмасын».
22 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен оларға қарсы көтерилемен, Мен Бабилоннан оның атын, тири қалғанларын, Урпақларын ҳәм келешек әўладын жоқ қыламан». Буны Жаратқан Ийе болған Мен айтып атырман.
23 Әлемниң Жаратқан Ийеси және былай дейди: «Мен оны кирпитикенлер ийелигине, Батпақлыққа айландырып, Жоқ қылыў сипсеси менен сыпырып таслайман».
24 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп ант ишти: «Нени нийет еткен болсам, сол болады, Қандай қарарға келген болсам, сол әмелге асады.
25 Ассириялыларды Өзимниң елимде сындыраман, Таўларымда оларды аяқ асты қыламан. Олардың мойынтырығы халқымнан, Жүклери халқымның ийнинен алып тасланады.
26 Пүткил дүнья ушын қабыл етилген қарар бул, Пүткил миллетлерге созылған қол бул.
27 Әлемниң Жаратқан Ийеси қарар етти, Оны ким бийкар қыла алады? Ол қолын созды, Оны ким изге қайтара алады?»
28 Патша Ахаз өлген жылы усы пайғамбаршылық сөз түсти:
29 «Өзлериңизди урған таяқ сынды деп, Шадланбаңлар, ҳәй Филистия! Себеби жыланның туқымынан қара жылан туўылар, Жыланның баласы да зәҳәрли жылан болар.
30 Жарлының туңғышы тояды, Мүтәжлер қәўипсизликте болады, Бирақ сениң туқымыңды ашлықтан қуртаман, Аман қалғанларыңызды да өлтиремен.
31 Пәрияд қыл, ҳәй дәрўаза! Дад сал, ҳәй, қала! Филистия, қорқыныштан руўхыңыз түссин! Арқадан шаң-тозаң булты киятыр, Душпан әскерлери сап тартып киятыр».
32 Миллеттиң хабаршыларына не деп жуўап беремиз? Оларға: «Жаратқан Ийе Сионды қурды, Халқының жарлылары сол жерден пана табады», – деймиз.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.