Ийшая 15 bob

Моабқа қарсы пайғамбаршылық (1-9).

1 Моаб туўралы пайғамбаршылық сөзи: Моабтың Ар қаласы, Бир түнде қарабақанаға айланып, Моаб жоқ болды! Моабтың Кир қаласы, Бир түнде қарабақанаға айланып, Моаб жоқ болды!
2 Дибон халқы жылаў ушын ибадатханаға, Сыйыныў орынларына шықты. Моаб халқы Небо ҳәм Медеба ушын жоқлаў айтар, Ҳәр бири шаш-сақалын алдырар.
3 Көшелерде халық аза кийимин кийер, Үйдиң төбелеринде, майданларда, Ҳәмме пәрияд етип, зар еңиреп жылар.
4 Хешбон менен Элале бақырып жылар, Олардың даўысы Яҳасқа дейин еситилер. Сонлықтан Моабтың әскерлери де зар жылар, Қорқыныштан жүреклери қалтырар.
5 Жүрегим Моаб ушын жылайды, Қашқынлары Соарға, Эглат-Шелишияға қашып кетеди. Олар жылап жүрип, Лухитке көтерилип, Хоронайымға баратуғын жолда, Ўайран болғаны ушын дад салып жылайды.
6 Нимрим суўлары қурып, шөплер солады, Таза шөп көгермеди, ҳасла көк шөп қалмады.
7 Жыйнап-терип, сақлаған байлығын, Олар Арабим дәрьясы арқалы алып кетер.
8 Моаб жери жылаған даўысқа толды, Олардың еңиреўи Эглайымға, Наласы Беер-Элимге жетти.
9 Дибонның суўлары қанға толған. Бирақ Мен Дибонның басына, Буннан бетерин жаўдыраман, Моабтан қашқанлардың, Елде қалғанлардың үстине, Арыслан жиберемен.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.