Ийшая 16 bob

1 Шөл жолы арқалы Селадан, Қыз Сионның таўына, Елдиң ҳүкимдарларына, Қозыларды сыйға жибериң.
2 Моаб ҳаяллары уяларынан ылақтырып тасланған, Қалтырап қанат қаққан қуслардай, Арнон сайының өткелинде жүрер.
3 Олар Яҳуда халқына былай дейди: «Бизге кеңес бер, қарар қабыл ет, Күн ортасындағы саяңды, Түн сыяқлы бизге түсир. Қуўылғанларды жасыр, Қашақларды қолға берме.
4 Моабтан қуўылғанлар, Мәкан бассын араңызда, Қырғын қылыўшылардан, Жасырынатуғын пана бол!»Езиўшилер жоқ болғанда, Ўайраншылық тоқтап, Таланшылар елден ғайып болар.
5 Тахт сүйиспеншилик пенен бекитилер, Онда садықлық пенен отырар ҳүкимдар, Ол Даўыттың хожалығынан келип шығар, Әдалатлықты излер, әдилликти жүзеге асырыўға асығар.
6 Моабтың тәкаббирлиги, Аса менменлиги, даңқпаразлығы, Көкиреклиги ҳәм сурбетлиги ҳаққында еситтик. Бирақ олар босқа мақтанады.
7 Соның ушын моаблылар зар жыласын, Ҳәммеси бирге Моаб ушын нала шексин. Кир-Харесеттиң кишмишлерин қумартып, Қайғырып, жоқлаў айтыңv.
8 Хешбонның егин майданлары, 6 Сибманың жүзимзарлары қурып қалды, Миллетлердиң көсемлери, Жақсы жүзим ағашлары басқыланды, Бул ағашлар Язерге жетип, Шөлге дейин жайылды. Шақалары узайып, Теңизден де асқан еди.
9 Сонлықтан Сибманың жүзимзарлары ушын, Язер жылағандай, мен де жылайман. Хешбон ҳәм Элале! Сизлерди көз жасым менен суўғараман. Себеби мийўе пискен ўақыттағы, Дән орағы ўақтындағы ойын-күлкиңиз тоқтады.
10 Шадлық ҳәм қуўаныш бағларды тәрк етти, Жүзимзарларда ҳеш ким шаўқымласпас, Қосық та айтпас, Жүзим сығылатуғын шуқырларда жүзим сығылмас, Қуўанышлы шаўқымларға шек қойдым.
11 Жүрегим Моаб ушын, Жаным Кир-Херес ушын лира сыяқлы нала шегер.
12 Егер Моаб өзлериниң сыйыныў орнында пайда болып, Өзлерин талықтырса да, Олар дуўа етиў ушын өзлериниң мухаддес орынларына келсе де, Бул ҳеш қандай пайда бермес.
13 Бул Жаратқан Ийениң Моаб ҳаққында әлле қашан айтқан сөзи еди.
14 Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: «Жалланған исшиниң мүддети киби, үш жылдан кейин, Моабтың салтанатының ҳәм көп санлы халқының абырайы төгиледи. Халқының аман қалғанлары жүдә аз ҳәм ҳәлсиз болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.