Ийшая 17 bob

Қудай Арамды ҳәм Израилды жазалайды (1-14).

1 Дамаск туўралы пайғамбаршылық сөз: Мине, Дамаск енди қала деп саналмас, Ол қарабақанаға апланаты.
2 Ароер қалалары тәрк етиледи, Сүриўлер жататуғын жайлаўға айланып, Оларды үркитетуғын ҳеш ким болмас.
3 Эфрайымда қорғанлы қала қалмас, Дамаскте патшалық болмас, Арамның аман қалғанлары, Израилдың салтанаты киби болар, Дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
4 Сол күни Яқыптың даңқы өшер, Майлы денеси азып-тозар.
5 Орақшылардың дәнди жыйнап алғанындай, Өз қоллары менен масақты терип алғанындай болады. Ол Рефаим ойпатлығында биреўдиң масақларды жыйнап алғанына уқсайды.
6 Зәйтүн ағашының мийўеси қағып алынғаннан соң, Ең төбесинде еки-үш зәйтүн, Өнимдар шақасында төрт-бес зәйтүн қалғаны сыяқлы, Тек бир неше адам ғана аман қалады. Буны Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе айтады.
7 Сол күни халық Жаратқанға нәзерин тигеди, Көзлери Израилдың Мухаддесин көреди.
8 Артық олар өзлери ислеген қурбанлық орынға қарамайды. Қоллары менен соққан кийели ағашларына, Түтетки түтетилетуғын орынларға нәзер салмайды.
9 Сол күни олардың бекинисли қалалары, Израиллылардан қашқан хиўлер менен аморлардың, Тәрк еткен қалалары сыяқлы шөлге айланады.
10 Сен Өз Қутқарыўшы Қудайыңды умыттың, Өз Қорғаның болған Жартасты еске алмадың. Сонлықтан унамлы өсимликлер ексең де, Басқа жақтан алып келип, жүзим нәллерин отырғызсаң да,
11 Оларды еккен күни өсирсең де, Отырғызып баслаған күни азанда гүллетсең де, Ҳәстелик ҳәм дәрт күни келгенде, Жыйнап алар дақыл болмас.
12 Көп миллетлердиң шуўылдысы, Теңиздиң шуўылдысындай шуўылдайды! Халықлардың гүўилдиси, Күшли толқынлар киби гүўилдейди!
13 Миллетлер күшли толқынлардың гүўилдиси киби гүўилдесин, Бирақ Қудай оларды әшкаралағанда, Төбелерде самал ушырған қаўық киби, Узақларға қашып кетеди. Дүбелей ушырған қаңбақтай айланады.
14 Кешки ўақыт, мине, қорқыныш! Азанға таман олар жоқ болып кетер! Бизлерди тонағанлардың пайы, Бизлерди талан-тараж қылғанлардың тәғдири усындай болады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.