Ийшая 18 bob
1 Куш дәрьяларының арғы жағында жасайтуғын, Қанатларын суўылдататуғын ел, ҳәсирет шегесиз!
2 Сол ел қамыстан исленген қайық пенен, Нил дәрьясы арқалы өз елшилерин жибереди. Ҳәй, жүйрик хабаршылар! Жерлери дәрьялар менен бөлинген, Узын бойлы, тегис терили миллетке, Жақын-алысқа қорқыў салған халыққа, Күшли ҳәм басқыншы миллетке қайтыңлар.
3 Ҳәй сизлер, пүткил дүнья турғынлары, Жер бетинде жасаўшылар! Таў басында урыс жалаўы көтерилсе, қараңлар, Кәрнай шалынғанда, еситиңлер.
4 Жаратқан Ийе маған былай деди: «Күнниң ҳәўирли ыссысы сыяқлы, Жыйын-терим ўақтындағы шықлы булт сыяқлы, Мен Өз мәканымнан тыныш қарап тураман».
5 Ҳасыл жыйналмастан алдын, Гүллеп болып, гүл жүзимге айланғанда, Ол бағ қайшысы менен путақларды кесип, Жайылған шақаларды шаўып, ылақтырады.
6 Ҳәммеси таўлардағы жыртқыш қусларға, Жердеги жабайы ҳайўанларға қалады. Олар жазда жыртқыш қусларға, Қыста жабайы ҳайўанларға жем болады.
7 Сол ўақытта жерлери дәрьялар менен бөлинген, Узын бойлы, тегис терили миллет, Жақын-алысқа қорқыў салған халық, Күшли ҳәм басқыншы миллет, Әлемниң Жаратқан Ийесине, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты болған жерге, Сион таўына саўғалар алып келеди.