Ийшая 21 bob

Бабилон туўралы пайғамбаршылық (1-10), Эдом туўралы пайғамбаршылық (11-12), Арабстан туўралы пайғамбаршылық (13-17).

1 Теңиз жағасындағы шөл туўралы пайғамбаршылық сөз: Қубладан дүбелейлердиң дүбегени киби, Басқыншы да шөлден, қорқынышлы журттан келеди.
2 Маған бир қорқынышлы аян түсти: Сатқан сатады, талаўшы талайды. Ҳүжим ет, Элам! Қамал қыл, Мидия! Ол себепли болған налаларды ақырына жеткеремен.
3 Сол себепли белим шаншып, Туўатуғын ҳаялдың толғағы киби, Толғақ тутты мени. Еситкенлеримнен еки бүгилип, Көргенлеримнен қорқынышқа түстим.
4 Жүрегим ҳәўлирип, қорқыныш бийлеп алды мени, Ымырт жабылыўын күткен едим, Бирақ ол мени қорқынышқа салды.
5 Гилемлер төселип, дастурхан жайылып, Жеп ҳәм ишип атыр екен. Турыңлар, әскербасылар, қалқанларыңызды майлаңлар!
6 Ийе маған былай деди: «Барып, гүзетши қой, көргенин айтсын.
7 Ол саўаш арбаларын, қос ат жегилген арбаға мингенлерди, Ешекке, түйеге мингенлерди көрсе, Оларға муқыятлы түрде дыққат қойсын!»
8 Гүзетши былай деп бақырды: «Мырзам, күн бойы мен минарада тураман, Түнде де өз орнымда нәўбетшиликте боламан.
9 Әне, олар қос атқа жегилген арбада киятыр». Кейин гүзетши жуўап берип былай деди: «Қулады Бабилон, қулады! Оның қудайларының барлық мүсинлери, Қыйрап жерде жатыр».
10 Қырманда бийдай киби женшилген халқым! Әлемниң Жаратқан Ийесинен, Израилдың Қудайынан, Еситкенлеримди сизлерге аян қылдым.
11 Дума туўралы пайғамбаршылық сөз: Биреў мени Сеирден шақырады: – Гүзетши, таң атыўға қанша қалды? Гүзетши, қашан түн тамам болады?
12 Гүзетши былай дейди: – Таң атады, бирақ және түн қайтып келеди, Егер сорағыңыз келсе, қайтып келип сорай бериң.
13 Арабстан туўралы пайғамбаршылық сөз: Деданлылардың кәрўанлары! Арабстан тоғайларында түнейсизлер.
14 Тема жериниң турғынлары! Шөллегенге суў бериңлер, Қашқынларға аўқат бериңлер.
15 Олар қылыштан, жалаңашланған қылыштан, Керилген оқ жайдан, ғыжлаған урыстан қашып келеди.
16 Ийе маған былай деди: «Бир жылдан кейин, жалланған исшиниң мүддети киби, Кедардың пүткил салтанаты ақырына жетеди.
17 Кедардың сарыжайшы жаўынгерлеринен азғантайы ғана аман қалады». Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе усылай деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.