Ийшая 22 bob

Ерусалим туўралы пайғамбаршылық (1-14), Шебнаға ескертиў (15-25).

1 Аян ойпатлығы туўралы пайғамбаршылық сөз: Не болды сизлерге? Неге ҳәммеңиз үшеклерге шығып алдыңыз?
2 Ҳәй, шаўқым-сүренге толы, Ғалмағаллы ҳәм шадлы қала! Өлгенлериңиз қылыштан да өлмеди, Саўашта да өлмеди.
3 Ҳүкимдарларың биргеликте қашып кетти, Бирақ оқ жайларынан бир оқ атпай-ақ тутқынға түсти. Олар узаққа қашып кеткен еди, Табылғанлардың ҳәммеси тутқынға алынды.
4 Сонда мен былай дедим: «Мени жалғыз қалдырың, өкирип жылап алайын. Халқымның қырғынға ушырағаны ушын, Тәселле бермең маған».
5 Себеби Ийем, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң, Аян ойпатлығында ғаўғалы, қорлықлы ҳәм ала-сапыран күни болады. Сол күни дийўаллар қулап, Жәрдем сораған даўыслар таўларды жаңғыртады.
6 Элам оқ жай ҳәм оғын алып, Саўаш арбалары ҳәм атлылары менен келди. Кир әскерлери қалқанларын таярлады.
7 Сениң сайланды ойпатлықларың саўаш арбаларына толды, Атлылар қала дәрўазасы жанында сап тартып тур.
8 Жаратқан Ийе Яҳуданың бекинислерин күл-талқан қылды. Сол күни «Лебанон тоғайы» сарайындағы қурал-жараққа үмит етип қарадыңыз.
9 Сизлер Даўыттың қаласының дийўалларында көп жарықларды көрдиңиз. Төменги ҳаўызға суў сақлап қойдыңыз.
10 Сизлер Ерусалимдеги үйлерди қарап шығып, Дийўалды питеў ушын, үйлерди буздыңыз
11 Ески ҳаўыздың суўлары ушын, Еки дийўал арасына суў сақлағыш қурдыңыз. Бирақ буны Кимниң ойлап қойғанына нәзер салмадыңыз, Буны Кимниң әзелден жоба қылғанына итибар бермедиңиз.
12 Сол күни Қудай, Әлемниң Ийеси, Жылап, аза тутыўға, Шашларыңызды алдырып, аза кийимин кийиўге шақырды.
13 Бирақ сизлер: «Келиң, жеп-ишейик, ертең өлемиз», – деп, Өгиз сойып, қой шалып, Гөш жеп, шарап ишип, Кейпи-сапа қурып атырсыз.
14 Сонда Әлемниң Жаратқан Ийеси қулағыма: «Бул гүна өлгениңизше кеширилмейди», – деди. Буны Қудай, Әлемниң Ийеси айтты.
15 Ийем, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Қәне, патшаның оң қолы, сарай басқарыўшысы сол Шебнаға барып, былай деп айт:
16 „Бул жерде не жумысың бар? Өзиңе қәбир оятуғындай, бул жерде кимиң бар? Жоқарыда өзиңе қәбир қазып, жартасқа жасаў ушын үңгир ойыпсаң.
17 Ҳәй, күшли адам! Жаратқан Ийе сени ылақтырып жибереди. Ол сени беккем услап алып,
18 айландырып-айландырып, топ киби кең бир елге ылақтырып жибереди. Сен сол жерде өлесең. Әжайып саўаш арбаларың сол жерде қалады ҳәм сен мырзаңның үйин шерменде қыласаң.
19 Мен сени өз лаўазымыңнан түсирип, орныңнан алып таслайман.
20 Сол күни Мен қулым Хилкия улы Элякимди шақыраман.
21 Сениң кийимлериңди оған кийгизип, белине белбеўиңди байлайман ҳәм ҳәкимшилигиңди оған беремен. Ол Ерусалим турғынларының ҳәм Яҳуда халқының әкеси болады.
22 Даўыттың үйиниң гилтин оның мойнына асаман. Оның ашқанын ҳеш ким жаба алмайды, оның жапқанын ҳеш ким аша алмайды.
23 Мен оны қатты жерге қағылған қазықтай етип қағаман. Ол өз нәсили ушын салтанат тахты болады.
24 Оның хожалығының пүткил абырайы: оның урпақлары ҳәм шақалары – оның кеседен гүзеге шекемги барлық ыдыслары оған жүкленеди“».
25 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сол күни қатты жерге қағылған қазық босап, суўырылып, қулап түседи. Оған илинген барлық жүк те алып тасланады». Буны Жаратқан Ийе айтты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.