Ийшая 24 bob
1 Мине, Жаратқан Ийе дүньяны ўайран етип, қарабақанаға айландырады, Жер бетин күл-талқан етип, турғынларын тарқатып жибереди.
2 Халыққа не болса, руўханийге де сол болады, Қулға не болса, хожайынға да сол болады, Шорыға не болса, бийкеге де сол болады, Қарыйдарға не болса, сатыўшыға да сол болады, Қарыз алыўшыға не болса, қарыз бериўшиге де сол болады, Қарыздарға не болса, пайда алыўшыға да сол болады.
3 Жер бети толық ўайран етилип, толық талан-тараж қылынады. Бул сөзди Жаратқан Ийе айтты.
4 Жер жүзи кеўип, қурғап қалады, Дүнья сөнип, солыйды, Дүньядағы күшлилер күштен талады.
5 Дүньяда жасайтуғынлар жерди ҳарамлады, Олар нызамларға бойсынбады, парызларды аяқ асты қылды, Мәңгилик келисимди бузды.
6 Сол себепли дүньяға нәлет жаўады, Турғынлары гүнасының жазасына тартылады. Жер бетинде жасаўшылар отқа жағылып, Тек азғантай адам қалады.
7 Таза шарап азаяды, жүзим путалары солыйды, Шадланып жүриўшилер аҳ урады.
8 Дәптиң шадлы ҳаўазы басылды, Қуўанғанлардың сести тынды, Лираның шадлы ҳаўазы да сөнди.
9 Енди қосық айтып шарап ишпес, Өткир ишимлик дәми де ишкенлерге ашшы түйилер.
10 Ўайран болған қала қарабақанаға айланған, Ҳәр бир үй жабылған, ҳеш ким кире алмас.
11 Көшелерде шарап ушын нала шегер, Шадлық қайғыға айланған, Қуўаныш жер бетин тәрк етти.
12 Қала қарабақанаға айланған, Қала дәрўазалары күл-талқан болған.
13 Зәйтүн ағашы қағылғанда, Яки жүзим жыйнап алынғаннан кейин, Қалған мийўелерге не болса, Дүньядағы миллетлерге де сол болады.
14 Аман қалғанлар даўысларын көтерип, Шадлық қосықларын айтады, Жаратқан Ийениң уллылығын айтып, Батыстан бақырады.
15 Сонлықтан шығыста Жаратқан Ийени, Теңиз жағасында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атын даңққа бөлең.
16 Жердиң шетинен алғыс-мақтаў қосықларын еситемиз: «Әдил Болғанға даңқ-атақ болсын!» Бирақ мен былай дедим: «Сорым қурыды, сорым қурыды! Ҳәсирет шегемен! Сатқынлар сатқынлық қылмақта, Сатқынлығы шексиз олардың».
17 Ҳәй дүньяда жасаўшылар! Қорқыў, шуқыр ҳәм дузақ басыңызға түседи.
18 Сонда қорқыў даўысынан қашқан шуқырға түседи, Шуқырдан шыққан дузаққа түседи. Көклердиң қапылары ашылып, Жердиң тийкары титирейди.
19 Жер бөлек-бөлек болып, Майдаланып кетеди, Ол күшли силкинеди.
20 Жер мәс адамдай сүрнигеди, Даўылдағы шертектей шайқалады, Қылмыслары оған аўыр жүк болады, Жығылады, қайтып тура алмайды.
21 Сол күни Жаратқан Ийе жоқарыдағы, көклердеги күшлерди, Жердеги дүнья патшаларын жазалайды.
22 Олар зиндандағы тутқынлар киби, бир жерге жыйналып, Зинданға қамалады ҳәм бир қанша ўақыттан кейин, жазаланады.
23 Сонда ай уялып, қуяш шерменде болады. Әлемниң Жаратқан Ийеси Сион таўында, Ерусалимде патшалық етип, Халық ақсақаллары алдында Өз салтанатын көрсетеди.