Ийшая 27 bob

Израилдың қутқарылыўы (1-13).

1 Сол күни Жаратқан Ийе ғәзепли, уллы ҳәм қүдиретли қылышы менен, Қашып баратырған, ийреңлеген жыланды, Лиўятанды жазалайды. Ол теңиздеги усы айдарҳаны өлтиреди.
2 Сол күни әжайып жүзимзар туўралы қосық айтың:
3 «Мен – Жаратқан Ийе оның қараўылыман, Бәрқулла оны суўғарып, Ҳеш ким зыян тийгизбесин деп, Күни-түни оны қараўыллайман.
4 Мен ғәзепленбеймен. Егер тикен ҳәм жантақлар Маған қарсы шықса, Мен олар менен урысып, Оларды толық жағып жиберемен.
5 Ямаса олар Меннен пана излеп келсин, Мениң менен келисим дүзсин, Аўа, Мениң менен келисим дүзсин».
6 Келешекте Яқыптың урпағы тамыр жаяды, Израил бүртик жарып, гүллейди, Жер бетин мийўеге толтырады.
7 Жаратқан Ийе израиллыларды, Оларды жазалағанларды жазалағандай етип жазалады ма? Ямаса израиллыларды, Оларды өлтиргенлерди өлтиргендей етип өлтирди ме?
8 Жаратқан Ийе оларды ҳүким етти, Қуўып, сүргин қылды. Оларды шығыс самалы киби, Ғәзепли деми менен қуўып шығарды.
9 Солай етип, Яқыптың урпақларының айыбы алып тасланып, Гүнасының өтелиўиниң мийўеси мынаў болады: Қурбанлық орынның барлық тасларын, Ҳәк таслары киби сындырғанда, Кийели ағашлары да, түтетки түтетилетуғын орынлары да қалмайды.
10 Қорған қала қаңырап босап, Шөлге уқсап тәрк етилип, Тасланды журтқа айланады. Ол жерде баспақлар отлар, Ағаш шақаларын сып-сыйдам етип, сол жерде жатар.
11 Шақалары қуўрап сынар, Ҳаяллар келип, оларды жағар. Бул халық ес-ақылынан айырылған, Сонлықтан Жаратқаны да оларға реҳим етпес, Жаратыўшысы да оларға меҳир көрсетпес.
12 Сол күни Жаратқан Ийе Евфрат дәрьясынан Мысыр шегарасындағы дәрьяға дейин дәнди қаўығынан айырып, Израил халқын бирме-бир жыйнап алады.
13 Сол күни уллы кәрнай шалынады. Ассирияда жоқ болғанлар ҳәм Мысырға сүргин етилгенлер келип, Ерусалимдеги мухаддес таўда Жаратқан Ийеге сыйынады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.