Ийшая 28 bob

Эфрайымның ҳәсирет шегиўи (1-6), Ийшаяның ескертиўи (7-29).

1 Эфрайым мәскүнемлериниң мақтанған тажы, ҳәсирет шегесең! Өнимдар ойпатлықтың ең жақсы жериндеги шарапқа тойғанлардың қаласы, Бирақ оның салтанатлы гөззаллығы, солып атырған гүлге мегзейди.
2 Мине, Ийениң қүдиретли ҳәм күшли адамы бар, Ол буршақлы даўылдай, қыйратыўшы қуйындай, Зуўлаған топан суўы киби, Өз қолы менен қаланы жерге қулатады.
3 Эфрайым мәскүнемлериниң мақтанышы болған тажы, Аяқ астында қалады.
4 Өнимдар ойпатлықтың ең жақсы жерде жайласқан, Салтанатлы гөззаллығы солып баратырған гүл, Ерте пискен әнжир киби болады. Оны көрген, дәрриў үзип алып, жеп қояды.
5 Сол күни Әлемниң Жаратқан Ийеси халқынан аман қалғанлар ушын салтанат тажы, гөззаллық шеңбери болады.
6 Ол ҳүким гүрсисинде отырғанлар ушын әдалатлық руўхы, дәрўазаны душпаннан қорғағанлар ушын мәдет болады.
7 Мыналар да шарап ишип тентиреклеп, өткир ишимлик ишип теңселип жүреди: руўханийлер ҳәм пайғамбарлар өткир ишимлик ишип тентиреклеп, шарап ишип естен айырылды. Олар өткир ишимликтен теңселип, аян көргенде шатастырады, шешим қабыллағанда алжасады.
8 Пүткил дастурханлары қусыққа толған, ҳеш бир таза жери жоқ.
9 Олар былай дейди: «Қудай кимге билим үйретпекши? Хабарды кимге түсиндирмекши? Енди емшектен шыққанларға ма ямаса жақында емиўди тоқтатқанларға ма?
10 „Ба-ба-ба, да-да-да“, – деп, олай-былай быдырлайды».
11 Енди Жаратқан Ийе бул халыққа шет еллилердиң аўзы менен, түсиниксиз тиллерде сөйлейди.
12 Бурын оларға: «Бул – тынышлық жери, шаршағанлар дем алсын. Бул – дем алыў орны», – деген еди. Бирақ олар тыңламады.
13 Жаратқан Ийениң сөзи олар ушын: «„Ба-ба- ба, да-да-да“, – деп, олай-былай быдырлайды» болды. Солай етип, олар кетип, шалқасына қулап жарақатланады, дузаққа түсип, алып кетиледи.
14 Сонлықтан, Ерусалимде бул халыққа ҳүкимдарлық етип отырған сурбетлер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар!
15 Сизлер: «Бизлер өлим менен келисим дүздик, өлилер мәканы менен питим дүздик. Апатшылық келсе, бизге тиймей, өтип кетеди. Себеби бизлер өтирикти пана, жалғанды жасырынатуғын орын қылып алғанбыз», – дейсизлер.
16 Соның ушын Қудай Ийе былай дейди: «Мине, Мен Сионға тийкар тасын, сыналған тасты, қымбатбаҳа мүйеш тасын, исенимли тийкар қояман. Оған исенгенлер ҳеш қашан қәўетерге түспейди.
17 Мен әдилликти өлшеў жиби, әдалатлықты тәрези қыламан. Буршақ жаўып, өтириктиң панасын сыпырып алып кетеди, жасырынған орныңызды сел басады.
18 Сизлердиң өлим менен дүзген келисимиңиз бузылады, өлилер мәканы менен дүзген питимиңиз өз күшин жойтады. Уллы апат келгенде, жер менен жексен боласыз.
19 Апат ҳәр келгенинде, сизлерди сыпырып алып кетеди. Ол ҳәр күни азанда, күндиз-түни келеди». Бул хабарды түсингениңизде, сизлерди қорқыныш бийлейди.
20 Созылыўға төсегиңиз дым қысқа, ораныўға көрпеңиз дым енсиз болады.
21 Жаратқан Ийе Перасим таўындағы сыяқлы қозғалажақ, Гибон ойпатлығындағы сыяқлы ғәзепке минежақ. Ол Өз исин, әдеттен тыс исин, Өз ҳәрекетин, таң қаларлық ҳәрекетин жүзеге асырады.
22 Егер кисенлериң және де беккемирек болмасын десеңиз, артық сурбетликти тоқтатың. Пүткил дүньяны жоқ қылыўды шешкени туўралы Қудай, Әлемниң Ийесинен еситтим.
23 Қулақ түрип, даўысымды еситиң, дыққат қойып, сөзимди тыңлаң!
24 Дийхан егин егиў ушын тек жер айдай бере ме? Ямаса тек кесек езип, малалай бере ме?
25 Ол жерди тегислеп болып, анис егип, зире сеппей ме? Бийдайды қатарлап, арпаны өз танабына, жазлық бийдайды шетине айландырып егип тасламай ма?
26 Қудайы оған нәсият берип, усындай тәртипке үйретеди.
27 Анис түйекке айдалмайды, зире арбаның дөңгелеги менен басылмайды. Анис таяқ пенен, ал зире шыбық пенен сабаланады.
28 Нанға арналған бийдай түйекленеди, бирақ ол мәңгиге езиле бермейди. Арбаның дөңгелеги менен үстинен түйекти айдаса да, атлар бийдайды майдалап езип тасламайды.
29 Бул да Әлемниң Жаратқан Ийесинен берилген. Оның мәсләҳәти әжайып, даналығы уллы.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.