Ийшая 3 bob

Яҳуда ҳәм Ерусалим үстинен шығарылған ҳүким (1-25).

1 Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ерусалимнен ҳәм Яҳудадан тирек ҳәм сүйенишлерин: Барлық нан ҳәм суў дереклерин,
2 Батырларын ҳәм жаўынгерлерин, Бийлерин ҳәм пайғамбарларын, Палкерлерин ҳәм ақсақалларын,
3 Елиўбасыларын ҳәм абырайлы адамларын, Мәсләҳәтшилерин, шебер усталарын ҳәм көзбайлаўшыларын тартып алады.
4 Ол былай дейди: «Мен өспиримлерди оларға басшы етип қояман, Оларға гөдеклер ҳүкимдарлық етеди.
5 Адамлар бир-бирине қысым жасап, Қоңсы қоңсысын жәбирлейди. Жаслар жасы үлкенлерди, Қарапайымлар абырайлыларды сыйламай қояды.
6 Сонда адамлар өз әкесиниң хожалығындағы, Туўысқанына жабысып: – Сениң үстиңде кийимиң бар екен, Сен бизлерге басшы болып, Мына ўайран болған үйиндилерди қол астыңа ал! – дейди.
7 Бирақ сол күни ол бақырып: – Мен жараңызды таңа алмайман! Үйимде аўқат та, кийим де жоқ. Мени басшы қылып қоймаңлар, – дейди».
8 Ерусалим қыйрады, Яҳуда қулады. Олардың сөзлери ҳәм ислери Жаратқан Ийеге қарсы болып, Оның салтанатын масқара қылды.
9 Жүз көринислери өзлерине қарсы гүўалық береди, Содом сыяқлы гүналарын ашық айтады, ҳеш жасырмайды. Олар ҳәсирет шегеди! Себеби олар өз басына өзлери апат келтирди.
10 Әдиллерге айтың, олар жақсылық көрер, Олар өз ислериниң мийўесин татар.
11 Залымлар ҳәсирет шегеди! Олар жақсылық көрмес, Қолы менен ислеген исиниң есесин алар.
12 Жас балалары езер халқымды, Ҳаяллары оларға ҳүкимдарлық етер, Халқым, жетекшилериң сизлерди жолдан урды, Жүрер жолыңыздан адастырды.
13 Жаратқан Ийе даўа ашыў ушын орнынан қозғалып, Халықларды ҳүким етиў ушын аяққа турды.
14 Жаратқан Ийе Өз халқының ақсақалларын ҳәм басшыларын ҳүким етиўге кирисип: «Сизлер жүзимзарларымды ўайран еттиңиз, Үйлериңиз жарлылардан талап алған олжаға толы.
15 Сизлер неге Мениң халқымды езип, Жарлыларды қысқыға ала бересиз? – дейди» Буны Қудай, Әлемниң Ийеси айтады.
16 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сион қызлары тәкаббир, Мурнын аспанға көтерип, Көзлерин сүзип жүреди, Аяқларындағы ҳалқаларын шыңғырлатып, Керилип қәдем басады».
17 Сонлықтан Жаратқан Ийе Сион қызларының бас кийимлерин жулып алып, Еңбегин ашып таслайды.
18 Сол күни Жаратқан Ийе олардың аяқларындағы ҳалқаларды, Шашбаўларын, ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын,
19 Сырғаларын, билезиклерин, орамалларын, Орайпеклерин, тобығындағы шынжырларды, ийин жапқышларын, Әтир шийшелерин, тумарларын,
20 Мөр жүзиклерин, әребеклерин,
21 Сәнли кийимлерин, жегделерин, шекпенлерин, шыжланларын,
22 Сийледей жуқа кийимлерин, зығыр кийимлерин, түрмелерин, жаўлықларын, Ҳәммесин тартып алады.
23 Сонда әтирдиң орнын сасық ийис, Белбеўдиң орнын жип, Әшекөйленген шаштың орнын тақыр бас, Сәнли кийимниң орнын аза кийими, Сулыўлықтың орнын шерменделик тамғасы басады
24 Еркеклериңиз қылыштан өледи, Жаўынгерлериңиз саўаш майданында қаза табады.
25 Сионның дәрўазалары жылап, аза тутады, Босап қалып, пайтахт тақыр жерде отырып қалады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.