Ийшая 32 bob

Әдил патша (1-8), Жазалаў ҳәм қутқарыў (9-20).

1 Мине, патша әдиллик пенен патшалық етип, Ҳүкимдарлар әдалатлық пенен басқарады.
2 Олардың ҳәр бири самалдан қорғайтуғын бастырмадай, Даўылдан бас саўғалайтуғын панадай болады. Олар шөлдеги ағын суўға, Кеўип шөллеген жердеги үлкен жартастың саясына уқсайды.
3 Енди көретуғынлардың көзлери жумылмайды, Еситетуғынлар қулақ қояды.
4 Ойсызлар түсиниўди үйренеди, Сақаўлар тутлықпай, анық сөйлей алады.
5 Буннан былай, ақмақ ҳасылзада, деп шақырылмас, Ҳийлекер ҳүрметке ылайықлы, деп айтылмас.
6 Ақмақ бийәдеплик пенен сөйлейди, Нийети жаманлық ислеўден ибарат. Ол зорлық ислейди, Жаратқан Ийеге тил тийгизеди, Ашларды аш қалдырып, Шөллегенге суў бериўден бас тартады.
7 Ҳийлекердиң усылы жаўыз, Жарлының даўасы ҳақ болса да, Оны жалған сөзлер менен жоқ етиў ушын, Жаўыз жобалар дүзеди.
8 Ал ҳасылзадалар ҳасыл жобалар дүзип, Ҳасыл ислер ушын беккем турады.
9 Ҳәй, еркин жасап атырған ҳаяллар, Орныңыздан турып, даўысымды еситиң! Ҳәй, бийғам қызлар, Мениң сөзиме қулақ салың!
10 Ҳәй, бийғам ҳаяллар, Бираз жылдан кейин титиресесиз, Себеби жүзим ҳасыл бермес, Мийўе жыйын-терими болмас.
11 Ҳәй, еркин жасап атырған ҳаяллар, титиресерсиз! Ҳәй, бийғам қызлар, қалтырасасыз! Кийимлериңизди шешип таслап, Азалап, белиңизди буўып алың.
12 Өнимдар атызлар ушын, Ҳасылы мол жүзим шақалары ушын, Көкирегиңизди мушлап урып, аза тутың.
13 Тикен ҳәм жантақлар басып кететуғын, Халқымның жери ушын, Қуўанышқа толы үйлер, Шадлыққа толы қалалар ушын жылаңлар.
14 Өйткени сарайлар таслап кетилип, Шаўқымлы қала бос қалады. Қорған ҳәм минаралар мәңгиге қыйралып, Қуланлардың қуўанышына, Маллардың жайлаўына айланады.
15 Үстимизге жоқарыдан Руўх төгилгенше, Шөл өнимдар атызға айланғанша, Өнимдар атыз әжайып бағ деп саналғанша усылай болады.
16 Кейин шөлде әдалат мәкан басып, Әдиллик өнимдар атызда жасайды.
17 Әдилликтиң мийўеси тынышлық, Нәтийжеси аманлық ҳәм мәңгилик қәўипсизлик болады.
18 Халқым тыныш орынларда, Қәўипсиз үйлерде, Рәҳәт бағышлайтуғын жерлерде жасайды.
19 Тоғай пүткиллей жоқ болса да, Қала жер менен жексен етилсе де,
20 Ҳәр бир дәрья жағасында егин еккен, Өгиз ҳәм ешеклерди бос жиберген, Сизлер бахытлы боласызлар!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.