Ийшая 35 bob
1 Шөл ҳәм қурғақ аймақ қуўанады, Қула дүз шадланып, наргиз киби гүллейди.
2 Жайнап гүллеп, қуўаныштан қосық айтады. Оған Лебанонның даңқы, Кармел ҳәм Шаронның салтанаты бериледи. Олар Жаратқан Ийениң даңқын, Қудайымыздың салтанатын көреди.
3 Ҳәлсиз қолларға күш берип, Қалтыраған дизелерге қуўат бериң.
4 Қоянжүреклерге былай деңлер: «Мәрт болың, қорқпаң! Қудайыңыз өш алыўға, Есесин қайтарыўға келип, Сизлерди қутқарады».
5 Сонда соқырлардың көзлери, Гереңлердиң қулақлары ашылады.
6 Ақсақлар кийиктей секирип, Гүңелек қуўаныштан қосық айтады. Шөлден қайнар булақлар шығып, Қула дүзде сайлар ағады.
7 Қайнаған шөл көлге айланып, Шөллеген дала булақларға толады. Сағаллар мәкан басқан жерлерде, Көк шөп, қамыс ҳәм жекен өседи.
8 Сол жерде дәрбент жол болып, Ол «Мухаддес жол» деп аталады. Напәклер оннан өтпейди, Ақмақлар да ол жолға аяқ баспайды. Ол тек Қудайдың халқының жолы болады.
9 Ол жерде арыслан болмайды, Ҳеш қандай жабайы аңлар да ол жолға шықпайды, Олар ол жерден табылмайды. Ол жолдан қутқарылғанлар ғана жүреди.
10 Жаратқан Ийениң азат еткенлери изге қайтады, Қосық айтып Сионға қайтып келеди. Олар мәңгилик қуўаныш тажын басларына кийеди. Қуўаныш ҳәм шадлыққа толып-тасып, Қайғы ҳәм ғам-тәшиўиш қашып кетеди.