Ийшая 38 bob
1 Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең“».
2 Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип:
3 «О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр!» – деди ҳәм өксип-өксип жылады.
4 Cонда Ийшаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5 «Изиңе қайтып, Хизкияға мына хабарды жеткиз: „Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Өмириңди он бес жылға узайтаман.
6 Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқарып, бул қаланы қорғайман.
7 Жаратқан Ийениң, яғный Мениң саған Өз сөзимди орынлайтуғынымды билдиретуғын белги мынаў:
8 Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытаман“». Сонда текшениң үстине түсип турған сая он адым артқа жылжыды.
9 Яҳуда патшасы Хизкия аўырып турғаннан кейин, мына жырды жазды:
10 Мен: «Өмиримниң гүлленген шағында, Өлилер мәканының дәрўазасынан өтип кетемен. Қалған өмир жылларымнан маҳрум етилдим», – дедим.
11 Және: «Тирилер әлеминде Жаратқан Ийени көрмеймен, Буннан былай, инсан затына көзим түспес, Бул дүньяда жасағанлардың жанында да болмаспан», – дедим.
12 Үйим шопанның шатыры киби, Суўырылып, қолымнан алынды. Өмиримди тоқыўшы сыяқлы өткердим, Жаратқан Ийе мени тоқыў үскенесинен кесип алып таслады. Бир күн ишинде өмиримди ақырына жеткердиң.
13 Азанға шекем төзим берип шыдадым, Ол арыслан киби, барлық сүйеклеримди сындырды. Бир күн ишинде өмиримди ақырына жеткердиң.
14 Мен қарлығаш яки тырна киби бақырдым, Кептер киби зарладым. Жоқарыға қараўдан көзлерим талды, Мен зулымлыққа ушырадым, жәрдем бер, Ийе!
15 Не дейин? Мениң менен сөйлескен де, оны әмелге асырған да Өзи. Қәлбимдеги қайғыны еске алып, Өмирим бойы, абайлап жасайман.
16 Ийе, Сениң қарарың адамларға өмир бере алады, Мениң өмир жылларым да маған қайта берилди, Денсаўлығымды тиклеп, өмиримди сақлап қала гөр!
17 Мине, шеккен азабым мен ушын жақсылыққа болды, Өмиримди набыт болыў шуқырынан қутқардың. Барлық гүналарымды артыңа ылақтырдың.
18 Өлилер мәканы Сени алғысламас, Өлим Саған мақтаў айтпас, Туңғыйыққа түскенлер Сениң садықлығыңа үмит байламас.
19 Бүгин мениң ислегеним сыяқлы, Тирилер, тек тирилер ғана Саған алғыс айтар, Әкелер балаларына Сениң садықлығың туўралы айтып берер.
20 Жаратқан Ийе мени қутқарар, Пүткил өмиримиз бойы, Жаратқан Ийениң Ибадатханасында, Тарлы саз әсбаплары менен қосық айтамыз.
21 Ийшая патшаның адамларына: «Кептирип нығызланған әнжир алып келип, оны жараға қойың, ол саўалып кетеди», – деген еди.
22 Сонда Хизкия Ийшаядан: «Жаратқан Ийениң Ибадатханасына баратуғынымды қандай белги арқалы билемен?» – деп сораған еди.