Ийшая 4 bob
1 Сол күни жети ҳаял бир еркекке жабысып, оған: «Бизлер өз нанымызды жеп, өз кийимимизди кийемиз, Бизлерди өз некеңе алып, Шерменделиктен қутқарсаң болғаны», – дейди.
2 Сол күни Жаратқан Ийе отырғызған нәл гөззал ҳәм салтанатлы болады. Жердиң мийўеси де Израилдың аман қалғанларына мақтаныш ҳәм даңқ болады.
3 Сионда қалғанлар, Ерусалимде аман қалғанлар – Ерусалимде тири қалыў тәғдирине жазылған ҳәр бир адам «мухаддес» деп аталады.
4 Ийемиз Сион қызларының напәклигин жуўып таслағанда, Ерусалимде төгилген қанды да ҳүким руўхы ҳәм от руўхы менен тазалайды.
5 Соңынан Жаратқан Ийе Сион таўының ҳәмме тәрепиниң үстине ҳәм ол жерге жыйналғанлардың үстине күндиз булт ҳәм түтин, түнде жалынлаған оттың жақтысын жаратады. Пүткил салтанат үсти қапланған болып,
6 ол күндизги ыссыда шатыр, даўыл ҳәм жаўында пана ҳәм қорғаныш болады.