Ийшая 42 bob

Жаратқан Ийениң қулы (1-9), Алғыс-мақтаў жыры (10-13), Жаратқан Ийениң жәрдем сөзи (14-17), Соқыр ҳәм герең Израил (18-25).

1 Мине, Мен қоллаған қулым, Кеўлиме унаған таңлағаным! Мен Оған Өз Руўхымды беремен, Ол миллетлерге әдалат алып келеди.
2 Ол бақырмайды, даўысын көтермейди, Көшелерде Оның сести еситилмейди.
3 Ол майысқан қамысты сындырмас, Пысқыған пиликти де өширмес, Садықлық пенен әдалатты иске асырар.
4 Жер бетинде әдалатты орнатпағанша, Ҳәлсиремес, руўхы да түспес. Атаўлар Оның тәлимине үмит байлар.
5 Көклерди жаратып, оны жайған, Жерди ҳәм ондағыларды жайып жиберген, Ондағы инсанларға дем берген, Онда жүргенлерге жан берген, Қудай Ийе былай дейди:
6 «Мен, Жаратқан Ийе сени қутқарыўымды көрсетиў ушын шақырдым, Сениң қолыңнан услап, қорғайман, Халқым менен дүзген келисимимди, Сен арқалы әмелге асыраман. Сени миллетлерге нур қыламан.
7 Сен соқыр көзлерди ашып, Тутқынларды қамақханадан шығарып, Қараңғылықтағыны зинданнан азат етесең.
8 Мен – Жаратқан Ийемен. Мениң атым усы. Даңқымды басқаға, алғысымды бутларға бермеймен.
9 Мине, бурын болжап айтылғанлар әмелге асты. Мен таза нәрселерди жәриялайман, Олар жүзеге аспай турып, Алдын ала сизлерге аян етемен».
10 Теңизде жүзип жүргенлер ҳәм оны толтырып турғанлардың ҳәммеси, Атаўлар ҳәм оларда жасаўшылар, Жаратқан Ийеге арнап таза қосық айтың, Жердиң ең шетлеринен Оған алғыс-мақтаўлар айтың!
11 Шөл ҳәм ондағы қалалар, Кедар халқы жасайтуғын аўыллар даўысын көтерсин! Села турғынлары қуўаныштан қосық айтып, Таўлардың төбелеринен бақырсын!
12 Олар Жаратқан Ийени уллыласын, Атаўларда Оған алғыс-мақтаўлар айтсын!
13 Жаратқан Ийе баҳадыр жигиттей болып, Батырдай ғәзебин шашар, Әскерий уран салып, бақырып, Душпанлардан үстинлигин көрсетер.
14 «Мен узақ ўақыт үндемедим, Сабырлылық пенен Өзимди усладым. Енди туўып атырған ҳаялдай қышқыраман, Ентигип дем аламан.
15 Мен таўларды ҳәм төбешиклерди ўайран етемен, Пүткил от-шөплерди қырып таслайман. Дәрьяларды атаўларға айландырып, Ҳаўызларды қурытаман.
16 Соқырларды билмеген жолларынан алып жүремен, Оларды таныс болмаған соқпақлардан жетелеймен, Алдында қараңғылықты жақтылыққа, Ойлы-бийик жерлерди тегис жерге айландыраман. Мен буларды ислеймен, Оларды тәрк етпеймен».
17 Ойма бутларға исенгенлер, Қуйма бутларға: «Сизлер қудайымызсыз», – дейтуғынлар, Шерменде болып, олардан жүз бурады.
18 «Ҳәй, гереңлер, еситиңлер, Ҳәй, соқырлар, қарап көриң!
19 Мениң қулымдай соқыр болған бар ма? Мен жиберетуғын хабаршыдай, герең болған бар ма? Маған бағышланған биреўдей, соқыр, Ямаса Мениң, Жаратқан Ийениң қулындай, соқыр болған бар ма?
20 Сен көп нәрсени көрдиң, бирақ дыққат аўдармадың, Қулақларың ашық еди, бирақ еситпедиң».
21 Өз әдалаты ҳақы, Нызамларын даңққа бөлеп, уллы қылыў, Жаратқан Ийеге унады.
22 Бирақ бул халық талан-тараж қылынған, Ҳәммеси зинданға тасланып, қамақханаға қамалған. Олар олжаға айланды, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ. Таланды, «Қайтарып бер», дейтуғын ҳеш ким жоқ.
23 Араңызда буған қулақ түретуғын, Дыққат қойып, келешек ушын тыңлайтуғын бар ма?
24 Яқыпты таланшыларға, Израилды қарақшыларға берген ким? Бул Жаратқан Ийе емес пе? Оған қарсы гүна ислемедик пе? Олар Оның жолынан жүрмеди, Нызамына қулақ аспады.
25 Сонлықтан Ол лаўлаған ғәзебин, Ғыжлаған урысты үстине дөндирди. Дөгерегин от пенен қапласа да, түсинбеди, Күйдирсе де, жүрекке алмады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.