Ийшая 43 bob

Израилдың қутқарыўшысы (1-7), Жаратқан Ийениң гүўасы – Израил (8-13), Бабилоннан қутылыў (14-28).

1 Бирақ енди, Яқып сени жаратқан, Израил, сени дөреткен, Жаратқан Ийе былай дейди: «Қорқпа, Мен сени азат еттим, Сениң атыңды айтып шақырдым, сен Меникисең.
2 Суўлардан өткениңде, сениң менен бирге боламан, Дәрьялардан өткениңде, олар сени ығызып кетпейди. От ишинен жүргениңде жанбайсаң, Жалын сени жалмамайды.
3 Мен сениң Қудайың Жаратқан Ийе, Израилдың Мухаддеси, сениң Қутқарыўшыңман. Сениң төлемиң сыпатында Мысырды, Сениң орныңа Куш пенен Себаны бердим.
4 Нәзеримде қымбатбаҳа ҳәм қәдирли болып, Сени сүйгеним ушын, Сениң орныңа адамларды, Сениң өмириң ушын халықларды беремен.
5 Қорқпа, Мен сениң менен биргемен, Урпақларыңды шығыстан алып келемен, Өзиңди батыстан жыйнап аламан.
6 Арқаға: „Оларды бер“, „Оларды услама, Улларымды узақтан, Қызларымды жердиң түпкирлеринен,
7 Маған тийисли болған ҳәр бир адамды, Өз даңқым ушын жаратқанларымды, Пишим берип, дөреткенлеримди қайтар“, – деймен».
8 Көзи болса да, көрмейтуғын соқырларды, Қулағы болса да, еситпейтуғын гереңлерди алып шығың.
9 Пүткил миллетлер бир жерге жыйналсын, Халықлар топлансын. Олардың арасында қайсысы буларды жәриялап, Өткен ўақыяларды алдын ала бизлерге билдире алды? Гүўаларды алып келип, өзлерин ақласын, Басқалар еситип: «Бул дурыс», – десин.
10 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер Мениң гүўаларымсыз. Мени билип, Маған исениўиңиз, Мениң ким екенимди түсиниўиңиз ушын, Сайлап алған қулларымсыз. Меннен алдын, ҳеш қандай қудай дөретилген емес, Меннен кейин де болмайды.
11 Мен, тек жалғыз Мен – Жаратқан Ийемен. Меннен басқа Қутқарыўшы жоқ».
12 Мен алдын ала билдирдим, қутқардым ҳәм жәрияладым. Араңызда басқа қудай жоқ. Сизлер Мениң гүўаларымсыз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Қудайман.
13 Әўел бастан бери, Мен Солман. Мен услағанды ҳеш ким жаздыра алмайды. Мен қылғанды ким бийкарлай алады?»
14 Әменгериңиз, Израилдың Мухаддеси, Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер ҳақы Бабилонға биреўди атланысқа жоллайман. Калдейлерди даўырығы көкке жеткен кемелерине мингизип, Қашыўға мәжбүр етемен.
15 Сизлердиң Мухаддесиңиз, Израилдың Жаратыўшысы, Сизлердиң Патшаңыз Жаратқан Ийе Мен боламан».
16 Теңизден жол, Бурқасынлаған суўдан соқпақ ашқан Жаратқан Ийе,
17 Саўаш арбаларын, атлыларды, Күшли әскерлерди ордасы менен алып шыққан Ол былай дейди: «Олар жығылып, тура алмас, Өширилди, шырадай сөнди.
18 Өткенлерди умытың, Бурынғыларды еске алмаң.
19 Мине, Мен жаңа нәрсе қыламан! Ол басланды, неге түсинбейсиз? Мен шөлде жол, саҳрада дәрьялар саламан.
20 Жабайы ҳайўанлар, сағал ҳәм үкилер, Мени ҳүрмет қылады. Себеби таңлап алған халқым ишиўи ушын, Шөлде суў, саҳрада дәрьялар ағыздым.
21 Маған алғыс-мақтаў айтыўы ушын, Өзим ушын жараттым бул халықты.
22 Бирақ сен, ҳәй, Яқып, Мени шақырмадың, Ҳәй, Израил, Меннен шаршадың!
23 Жандырылатуғын қурбанлық ушын қойларыңды алып келмедиң, Қурбанлықларың менен Мени сыйламадың. Мен садақалар талап етип, сени қыйнамадым, Хош ийисли түтеткилер талап етип, аўырманлық салмадым.
24 Сен Маған арнап, хош ийисли қамыс сатып алмадың, Мени қурбанлықтың майына тойдырмадың. Керисинше, гүналарың менен Маған жүк болдың, Қылмысларың менен Мени шаршаттың.
25 Өзим ушын қылмысларыңды өширетуғын Менмен, Артық гүналарыңды еслемеймен.
26 Мениң ядыма сал, даўласайық, Ақланыў ушын, дәлиллериңди келтир.
27 Түп атаң гүна ислеген еди, Дәлдалшыларың Маған қарсы бас көтерди.
28 Сонлықтан Ибадатхана басшыларының абырайын төктим, Яқыпты пүткиллей жоқ қылыўға, Израилды ғарғысқа ҳүким еттим».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.