Ийшая 46 bob

1 Бел деген қудай дизе бүкти, Небо деген қудай бүгилди, Олардың бутлары жаныўарларға ҳәм өгизлерге жүкленди. Бурын салтанатлы түрде көтерип жүрген нәрселериңиз, Енди шаршаған ҳайўанларға жүк болды.
2 Олардың қудайлары бүгилип, дизе бүкти, Олар жүклерди қутқара алмас, Өзлери сүргин етилип атыр.
3 «Яқып урпақлары, Израилдың аман қалғанлары, Мени тыңлаңлар! Қурсақта ўақтыңызда қабыл етип алып, Туўылғаныңыздан бери, көтерип жүрдим.
4 Қартайғаныңызда да, Мен солай ислеймен, Шашыңыз ағарғанда да, сизлерди көтеремен. Мен сизлерди жараттым, Өзим қоллайман, Сизлерди көтерип жүремен, қутқараман.
5 Мени кимге уқсатып, кимге теңлестирежақсыз? Кимге салыстырып, уқсатажақсыз?
6 Адамлар алтынды шыжланынан шығарып төлеп, Гүмисти тәрезиде өлшеп, Бир зергерди жаллап алады. Зергер олардан бир қудай соғып береди, Адамлар жерге жығылып, оған табынады.
7 Қудайын ийнинде көтерип алып жүреди, Орнына қояды, ол сол жерде тура береди. Орнынан қозғала алмайды. Оған жалбарынса, жуўап бермейди, Ҳеш бир апаттан да қутқармайды.
8 Ҳәй, гүнакарлар, буны умытпаң, Мәрт болың, ядтан шығармаң.
9 Әййемги болып өткен ислерди еслең. Мен Қудайман, басқасы жоқ, Мен Қудайман, Маған уқсағаны жоқ
10 Мен ақырғы болатуғынларды әўел бастан, Келешекте болатуғынларды әййемнен билдирип келемен. Мен: „Мақсетлеримди иске асырып, Өзиме унаған нәрселердиң ҳәммесин ислеймен“, – деймен.
11 Шығыстан жыртқыш қусты, Мақсетимди орынлайтуғын бир адамды, Узақ журттан шақыраман. Мен айтқанымды орынлайман, Жобаластырғанымды әмелге асыраман.
12 Жүреги қайсарлар, Жеңисти узақ деп ойлағанлар, мени тыңлаңлар
13 Жеңисим жақын, Ол узақ емес, Қутқарыўым кешикпейди. Мен Сионға қутқарылыў, Израилға даңқымды сыйлайман».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.