Ийшая 47 bob
1 «Ҳәй, пәк қыз Бабилон, Төменге түсип, топыраққа отыр! Ҳәй, калдейлердиң қызы, Жерге отыр, енди тахтың жоқ. Енди сени: „Нәзик ҳәм мүләйим“, – деп атамайды.
2 Дигирманды алып, ун тарт, Пәренжеңди алып тасла, етегиңди түрип, Балтырыңды көрсетип, дәрьяларды кешип өт.
3 Денең ашылып, уятлы жериң көринсин. Мен өш аламан, ҳеш кимди аямайман».
4 Әменгеримиз – Израилдың Мухаддеси, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5 «Ҳәй, калдейлердиң қызы, Қараңғыға барып, үндемей отыр! Сени артық: „Патшалықлардың ханымы“, – деп атамайды.
6 Халқыма қәҳәрлендим, Мийрасымды қорлап, Сениң қолыңа бердим, Сен де оларға реҳим етпедиң. Ҳәтте, ғаррыларға да, Жүдә аўыр мойынтырық тақтың.
7 Сен: „Мен мәңгиге ханым боламан“, – дедиң. Буларға дыққат бермедиң, Ақыбетиниң не болатуғынын ойламадың.
8 Ҳәй, рәҳәтти сүйетуғын, Қәўипсизликте жасап, ишинен: „Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ, Мен ҳеш қашан жесир болып отырмайман, Перзент дағын да көрмеймен“, – дейтуғын сен, Енди мынаны тыңла!
9 Булардың екеўи де бир күнде, Тосаттан басыңа түсер: Перзентлериңнен айырыларсаң, жесир қаларсаң. Сыйқыршылықтың көплигине, Дуўаханлықтың уллы күшине қарамастан, Олар бәри бир басыңа түседи.
10 Сен өз жаўызлығыңа исендиң, „Мени ҳеш ким көрмейди“, – деп ойладың. Даналығың ҳәм билимиң сени жолдан адастырды. Ишиңнен: „Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ“, – дедиң.
11 Сонлықтан апатшылыққа ушырайсаң, Сыйқыршылық пенен оннан қутыла алмайсаң. Басыңа бахытсызлық түседи, Төлем менен оны қайтара алмайсаң. Ойламаған ўайраншылық, Тосаттан үстиңе келеди.
12 Жаслығыңнан бери шуғылланып келген, Дуўаханлығың ҳәм сансыз сыйқыршылығыңды даўам ет. Бәлким, олардан саған пайда тийер, Яки олар менен биреўди қорқытарсаң.
13 Мәсләҳәтлердиң көплиги сени шаршатты. Жулдызларды изертлеўшилер, Жаңа айдың басында не болатуғынын айтатуғынлар, Басыңа түсетуғын нәрселерден сени қутқарсын.
14 Әне, олар сабанға уқсайды, От оларды жандырады. Жалмаған өрттен өзлерин де қутқара алмайды. Бул жылынатуғын қоз да, Жанында отыратуғын жалын да емес.
15 Усылайынша сениң менен мийнет етип, Жаслығыңнан алды-сатты ислегенлердиң ҳәр бири, Басы аўған тәрепке раўана болады, Сени ҳеш ким де қутқармайды».