Ийшая 5 bob

Жүзимзар туўралы жыр (1-7), Зулымлық қылыўшылардың шегетуғын ҳәсирети (8-30).

1 Мен сүйиклимниң жүзимзары туўралы жыр айтып берейин: Топырағы өнимдар бир төбеде, Сүйиклимниң жүзимзары бар еди.
2 Ол жерди аўдарып, тастан тазалап, Сайланды нәллерди екти. Оның ортасына гүзет минарасын орнатып, Жүзим сығатуғын шуқыр қазды. Ол бағынан жақсы жүзим күтти, Бирақ бағ жабайы жүзим берди.
3 Сонлықтан сүйиклим былай дейди: «Енди, ҳәй Ерусалим турғынлары, Яҳуда халқы! Мениң менен жүзимзарым ортасында қазылық етиң.
4 Жүзимзарым ушын және не қылайын? Мен оған ислемеген не қалды? Мен жақсы жүзим күткен едим, Ол неге жабайы жүзим берди?
5 Ал енди мен сизлерге, Жүзим бағыма не қылатуғынымды айтайын: Оның қорғанларын алып таслайман, Бағ жалмап жеп қойылсын, Дийўалларын бузып таслайман, Ол басқылап таслансын.
6 Мен бағды ўайран қыламан, Ол путалмайды, топырағы аўдарылмайды, Оны шат тикен ҳәм жантақ басып кетеди. Үстине жаўын жаўмасын деп, бултқа буйрық беремен».
7 Әлемниң Жаратқан Ийесиниң жүзимзары – Израил халқы, Яҳуда халқы – Оның отырғызған сүйикли бағы. Ол әдалатлық күтти, бирақ, қаннан басқа ҳеш нәрсе көрмеди, Ол әдиллик күтти, бирақ жапа шеккенлердиң пәриядынан басқа ҳеш нәрсе еситпеди.
8 Үй үстине үй, атыз үстине атыз қосып атырғанлар, ҳәсирет шегесизлер! Басқаларға жер қалдырмай, Жер бетинде жалғыз өзиңиз жасамақшысызлар.
9 Әлемниң Жаратқан Ийесиниң мына сөзлери қулағыма шалынды: «Сөзсиз, көп үйлер ўайран қылынады, Зәўлим ҳәм көркем жайлар ийесиз қалады.
10 Он сүрим жердеги жүзимзардан тек бир бат шарап шығады, Бир хомер туқым тек бир эфа өним береди».
11 Ерте таңда турып, өткир ишимлик изинен қуўғанлар, Ымырт жабылғанша шарап ишип мәс болғанлар, ҳәсирет шегеди!
12 Олардың зыяпатларында лира ҳәм арфа, Дәп ҳәм сырнай шертилип, шарап ишиледи, Бирақ олар Жаратқан Ийениң ислерине кеўил бөлмейди, Оның қоллары менен жаратылғанларға итибар бермейди.
13 Сонлықтан халқым наданлығы себепли сүргин қылынады; Абырайлы адамлары ашлықтан өлип, Қарапайым халық шөлден қырылады.
14 Буған қоса, өлилер мәканының иштейи ашылып, Аўзын қатты керип ашады, Ерусалимниң абырайлылары ҳәм қарапайым халқы, Олардың шаўқым-сүренлери ҳәм шадлығы сол жерге киреди.
15 Адамзат бойсындырылып, ҳәр бир адам дизе бүгеди, Менменниң көзи төмен қарайды.
16 Бирақ Әлемниң Жаратқан Ийеси әдалатлықта мәртебеге ерисип, Мухаддес Қудай әдилликте Өз мухаддеслигин көрсетеди.
17 Сонда қойлар өз жайлаўларындағыдай жайылып жүреди, Қозылар байлар таслап кеткен қарабақаналар арасында отлайды.
18 Қылмысын жалған қосып есилген арқан менен тартып жүрген, Ал гүнаны арбаның жиби менен тартып жүргенлер, ҳәсирет шегеди!
19 Ҳәтте, олар: «Қудай асықсын, исин тезирек ислесин, Биз де көрейик, Израилдың Мухаддесиниң мақсети тезирек әмелге ассын, Биз де оны билейик», – дейди.
20 Жаманды жақсы, жақсыны жаман, Түнекти жақты, жақтыны түнек, Ашшыны мазалы, мазалыны ашшы дегенлер, ҳәсирет шегеди!
21 Өзин дана деп санап, Өзин ақыллы билгенлер, ҳәсирет шегеди!
22 Шарап ишиўде қаҳарман болғанлар, Өткир ишимликти араластырып ишиўде батырлар,
23 Пара алып, айыплыны ақлағанлар, Ҳақты ҳуқықынан айырғанлар ҳәсирет шегеди!
24 Оттың сабанды жалмағаны, Жалынның пишенди өртегени сыяқлы, Олардың тамыры да ширип кетер, Гүллери шаң-тозаң киби көкке суўырылар. Себеби олар Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Нызамынан жүз бурып, Израилдың Мухаддесиниң сөзин нәзерге илмеди.
25 Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби, Өз халқына қарсы лаўлады, Қолын оларға қарсы созып, жазалайды. Сонда таўлар титиресер, Олардың өли денелери тасланды сыяқлы көшелерде жатар. Сонда да Оның ғәзеби басылмас, Қолы созылыўын даўам етер.
26 Ол алыслардағы миллетлерге белги берер, Жер шетинде жасап атырғанларды ысқырып шақырар, Мине, олар да тез, асығып-үсигип жетип келер.
27 Бирде биреўи шаршамайды, сүрникпейди, Мүлгимейди, уйқыламайды, Белинен белбеўи шешилмейди, Аяқ кийиминиң баўы үзилмейди.
28 Олардың оқлары ушқырланған, Оқ жайлары тартылған, Атларының туяқлары шақмақ тасқа, Арбаларының дөңгелеклери қуйынға мегзер.
29 Олардың ақырыўы арысланға уқсайды, Олар жыртқыш арыслан киби ақырар, Ырылдап, олжасын тутып, алып кетер, Ҳеш ким оны қутқара алмас.
30 Сол күни олар олжа үстинде, Теңиз туўлаўы киби ырылдасар. Егер биреў жерге нәзер салса, Әне, қара түнек пенен азапты көреди, Нур қара бултлар менен қапланған болады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.