Ийшая 51 bob
1 «Азатлыққа умтылып, Мени, Жаратқан Ийени излегенлер, Маған қулақ салыңлар! Өзлериңиз кесип алынған жартасқа, Өзлериңиз қазып алынған тас кәнине нәзер салың.
2 Әкеңиз Ибрайымға, Өзиңизди туўған Сараға нәзер салың. Мен оны шақырғанымда, ол жалғыз еди, Мен оны жарылқап, көбейттим.
3 Жаратқан Ийе болған Мен Сионға, Оның ҳәмме қарабақаналарына тәселле беремен. Мен Сионның шөллерин Эдендей, Далаңлықларын Жаратқан Ийениң бағындай қыламан. Онда шадлық ҳәм қуўаныш, Миннетдаршылық ҳәм қосық даўыслары еситиледи.
4 Халқым, Маған дыққат аўдарың, Миллетим, Маған қулақ тутың! Нызам Меннен шығады, Әдалатым халықларға нур болады.
5 Азат етиўим тез жақынласпақта, Қутқарыўым жолға шықты. Қолларым халықларды басқарады, Атаўлар Мени күтпекте, Қолымның күшине үмит байламақта.
6 Басыңызды көтерип, көклерге көз тигиң, Төменде болған жерге қараң, Көклер түтиндей тарқап кетер, Жер кийим киби тозар, Ондағы жасайтуғынлар шыбындай өлип кетер. Бирақ Мениң қутқарыўым мәңги болар, Мениң азат етиўим ҳеш қашан тамам болмас.
7 Әдилликти билген, Нызамымды жүрегинде сақлағанлар, Мени тыңлаң! Адамлардың абай етиўинен қорқпаң, Олардың ғарғағанынан қәўетерленбең.
8 Күйе оларды кийим киби, Қуртлар оларды жүн киби жейди. Бирақ Мениң азат етиўим мәңгиге болады, Мениң қутқарыўым әўладтан-әўладқа даўам етеди».
9 Оян, оян, күшке тол, Жаратқан Ийениң қолы! Әййемги ўақытлардағыдай, әўелги әўладтағыдай оян! Раҳабты тилкимлеген, Сол теңиз айдарҳасының денесин тескен Сен емес пе едиң?
10 Теңизди, терең туңғыйықтың суўларын қурытқан Сен емес пе едиң? Қутқарылғанлар өтсин деп, Теңиз түбин жол қылған Сен емес пе едиң?
11 Жаратқан Ийениң азат еткенлери изге қайтады, Қосық айтып, Сионға қайтып келеди. Олар мәңгилик қуўаныш тажын басларына кийеди. Қуўаныш ҳәм шадлыққа толып-тасып, Қайғы ҳәм ғам-тәшиўиш қашып кетеди.
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди жубататуғын Менмен. Не ушын басында өлими бар инсаннан, Шөптей солып қалатуғын адамның улынан қорқасаң?
13 Сен өзиңди жаратқан, көклерди жайған, Жердиң тийкарын қойған, Жаратқан Ийени, Жаратыўшыңды неге умыттың? Сени жоқ қылыў нийетинде болған, Езиўшиниң ғәзебинен неге күни бойы қорқасаң? Қәне, езиўшиниң ғәзеби қайда?
14 Тез арада тутқынлар азат етиледи, Олар өлмейди, қәбирге де түспейди, Нанға да зар болмайды.
15 Толқынлары шуўылдасын деп, теңизди шайқаған, Қудайың Жаратқан Ийе Мен боламан. Мениң атым Әлемниң Жаратқан Ийеси.
16 Сөзлеримди аўзыңа салдым, Сени қолымның саясында жасырдым. Көклерди орнатқан, Жердиң тийкарын қойған, Сионға: „Сен Мениң халқымсаң“ деген Мен боламан».
17 Оян, ҳәй, Ерусалим, оян, аяққа тур! Жаратқан Ийениң ғәзеп кесесин Оның қолынан иштиң, Түбине дейин ишип, тентиреклеп жүрдиң.
18 Өзиң туўған улларыңның ишинде, Сени жетеклейтуғын биреўи де жоқ. Өзиң өсирген улларыңның ишинде, Қолыңнан услап, сүйейтуғын биреўи де жоқ.
19 9Басыңа қос апат түсти, Ким саған тәселле береди? Набыт болыў, ўайраншылық, ашлық ҳәм қылыш, Ким сени жубата алады?
20 Улларың естен танып, Торға түскен антилопадай болып, Ҳәр көшениң басында жатыр. Олар Жаратқан Ийениң ғәзебине, Қудайыңның қәҳәрине ушыраған.
21 Сонлықтан азап шеккен, Шарапсыз мәс болғанлар, мынаған қулақ салың!
22 Ийең, Өз халқын қорғайтуғын Қудайың Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, Мен сени тентиреклететуғын кесени қолыңнан алдым, Буннан былай, Мениң ғәзеп кесемнен ишпейсең.
23 Оны сени жәбирлегенлердиң қолына беремен. Олар саған: „Жерге жат, үстиңнен басып өтейик“, – деди, Сонда сен арқаңды тутып, жердей, Олар өтетуғын көшедей қылдың».