Ийшая 52 bob
1 Оян Сион, оян, күшке тол! Ҳәй, Ерусалим, мухаддес қала, әжайып кийимлериңди кий! Енди сүннетсизлер ҳәм ҳарам адамлар саған кирмес ҳасла.
2 Үстиңдеги топырақты қағып таслап, Тур, Ерусалим, тахтқа отыр. Мойныңдағы шынжырды үзип тасла, Ҳәй, тутқын қыз Сион!
3 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер пулға сатылмадыңыз, Пулсыз азат етилесиз».
4 Қудай Ийе былай дейди: «Халқым жасап турыў ушын, дәслеп Мысырға барды, Кейин ассириялылар себепсиз оларды жәбирледи».
5 «Бул не аўҳал? – дейди Жаратқан Ийе. – Халқым қурыдан-қуры басып алынды, Ҳүкимдарлары пәрияд етпекте, – дейди Жаратқан Ийе. – Күни бойы атыма тил тиймекте.
6 Бирақ халқым Мениң атымды билип алады. Сол күни олар Мениң сөйлегенимди, „Мине, Мен“ дегенниң Мен екенин биледи».
7 Таўлар асып киятырған, Хабаршыны көриў қандай әжайып! Ол парахатшылықты жәрияламақта, Хош хабар алып келмекте, Қутқарылыўды жәрия қылмақта. Ол Сионға: «Қудайың ҳүкимдарлық қылады!» демекте.
8 Тыңлаң! Гүзетшилериң даўысын көтермекте, Бирге олар қуўанып бақырмақта. Жаратқан Ийениң Сионға қайтып келгенин, Олар өз көзлери менен көреди.
9 Ҳәй, Ерусалимниң қарабақаналары! Биргеликте шадлық пенен бақырың. Жаратқан Ийе Өз халқына тәселле берди, Ерусалимди азат етти.
10 Пүткил миллетлердиң көз алдында, Жаратқан Ийе мухаддес билегин түрди. Пүткил дүнья, Қудайымыздың қутқарыўын көреди.
11 Кетиң, кетиң, ол жерден шығың! Ҳарам нәрселерге қол тийгизбең! Сизлер, Жаратқан Ийениң мухаддес затларын тасыўшылар! Ол жерден шығып, тазаланың,
12 Бирақ асығыс шығып кетпең, Қашып та жүрмең. Себеби Жаратқан Ийе алдыңызда жүреди, Израилдың Қудайы изиңизден қорғап барады.
13 «Мине, қулым табысқа ериседи, Ол көтерилип, уллыланып, ең бийикке шығарылады.
14 Көплер оған ҳайран қалды. Оның түр-түси адамға уқсамайтуғын сықылсыз, Көриниси де адам улына уқсамайтуғын еди.
15 Ол көп миллетлерди лал қалдырады, Патшалар оның алдында аўзын жумады. Себеби олар айтылмаған нәрселерди көрип, Еситпеген нәрселерин түсинеди».