Ийшая 53 bob

1 Бизлерге жиберилген хабарға ким исенди? Жаратқан Ийениң күш-қүдирети кимге аян болды?
2 Жаратқан Ийениң қулы Оның алдында нәлдей, Қурғақ жердеги тамырдай өсип шықты. Бизлер оған қарағандай, Онда сын-сымбат та, уллылық та болмады, Өзине тартқандай көринис те жоқ еди.
3 Ол адамлар тәрепинен кемситилди, оннан жүз бурылды. Ол қайғының, азап-ақыреттиң не екенин билетуғын еди. Адамлар оннан бетин жасыратуғындай дәрежеде ол кемситилди, Оны биз адам қатарында көрмедик.
4 Ҳақыйқатында ол, бизлердиң кеселликлеримизди өзине алды, Аўырманлығымызды көтерди. Бизлер болса, оны Қудай тәрепинен жазаланып, Урылып, азап шегип атыр, деп ойладық.
5 Ал ол бизлердиң қылмысларымыз ушын жарақатланды, Бизлердиң жынаятымыз ушын азап шекти. Тынышлық алыўымыз ушын берилетуғын жазаны ол алды, Оның жаралары бизлерге шыпа берди.
6 Бизлердиң ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық, Ҳәр биримиз өз жолымыздан кеттик. Жаратқан Ийе оған ҳәммемиздиң қылмысымызды жүкледи.
7 Ол езилип, азап шексе де, аўзын ашпады, Сойылыўға алып баратырған қозы киби, Жүн қырқыўшының алдында үнсиз жатқан қой киби, Ҳеш аўзын ашпады.
8 Ол наҳақ ҳүким менен алып кетилди. Халқымның жынаяты ушын азапланып, Тирилер әлеминен шығарып тасланды. Оның заманласларынан қайсы бири буны билди?
9 Ол залым да болмаған, Аўзынан жалған сөз де шықпаған болса да, Оның қәбири залымлар жанынан белгиленди, Бай адамның қасына қойылды.
10 Оның жәбирленип, азап шегиўи Жаратқан Ийениң қәлеўи еди. Оның жаны гүна ушын қурбанлық етип берилген ўақытта, Ол өз урпақларын көрип, өмири узаяды. Ол арқалы Жаратқан Ийениң ерки орынланады.
11 Жан азабынан соң ол нурды көреди, Өз билими арқалы қанаатланады. Мениң әдил қулым көплерди ақлайды, Олардың қылмысларын өзине алады.
12 Сонлықтан уллылар қатарында оған пай беремен, Күшлилер менен олжа бөлиседи. Өйткени ол жанын қурбан етти, Жынаятшылар қатарында саналды, Көплердиң гүнасын өзине алды, Қылмысшылар ушын араға түсти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.