Ийшая 54 bob

Сионның келешектеги уллылығы (1-17).

1 «Шадлан, ҳәй, бала көрмеген нәсилсиз ҳаял! Толғатып көрмеген, сен, шадланып бақыр! Себеби таслап кетилген ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдикинен көп болады, – дейди Жаратқан Ийе.
2 – Шатырыңның орнын кеңейт, Мәкан жайыңның перделерин аямай созып, Жиплерин узын етип ал, қазықларын беккемле.
3 Сен оңға, солға жайыласаң, Урпақларың миллетлердиң жерлерин ийелеп, Бос қалған қалаларға орналасып алады.
4 Қорқпа, уятқа қалмайсаң, Руўхың түспесин, масқара болмайсаң. Сен жаслығыңдағы шерменделикти умытасаң, Жесирлик ҳәсиретиңди артық еске алмайсаң.
5 Себеби сениң күйеўиң – сениң Жаратыўшың, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси. Израилдың Мухаддеси – Әменгериң, Ол пүткил дүньяның Қудайы деп аталады.
6 Сен күйеўи таслап кетип, Қәлби жарақатланған ҳаялға уқсайсаң. Бирақ Жаратқан Ийе сени шақырады, дейди Қудайың.
7 – Мен сени бир мәўрит тәрк еттим, Бирақ уллы меҳир менен сени жыйнайман.
8 Қәҳәрленгенимде, сеннен бир мәўрит жүзимди жасырған едим, Бирақ мәңгилик сүйиспеншилигим менен, Саған реҳим етемен, – дейди Әменгериң Жаратқан Ийе.
9 – Бул Мен ушын Нухтың дәўирине уқсайды. Нухтың дәўиринде топан суўы, Жер жүзинде енди қайталанбайды деп ант ишкеним сыяқлы, Саған да енди қәҳәрленип, жазаламайман деп ант иштим.
10 Таўлар орнынан қозғалып, төбелер шайқалса да, Мениң саған деген сүйиспеншилигим тербелмейди, Тынышлық келисимим де қозғалмас, – дейди саған реҳим еткен Жаратқан Ийе.
11 – Азап шегип, даўыл дүбеп, жубаныш таппаған қала! Сени периўзадан қурып, Тийкарыңды лазуриттен қояман.
12 Минараларыңды рубиннен, Дәрўазаларыңды гәўҳардан, Дийўалларыңды қымбатбаҳа таслардан ислеймен.
13 Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеден тәлим алады, Олар уллы тынышлыққа бөленеди.
14 Сен әдалатлық пенен негиз қурасаң, Езилиўден аўлақ боласаң, қорқпассаң. Қәўип-қәтерден жырақ боласаң, ол саған жақынламас.
15 Егер биреў саған топылса, Бул Меннен емес, Саған ҳүжим қылғанның ҳәр бири саған бас ийер.
16 Қара, көмир шоғын үплеп, Өз мақсети ушын қурал-жарақ соққан темиршини, Мен жараттым. Ўайран қылсын деп, басқыншыны да Мен жараттым.
17 Саған қарсы қолланыў ушын жаратылған, Ҳеш қандай қурал-жарақ табысқа ериспес, Ҳүкимде сени айыпламақшы болған ҳәр бир тилди, Сен айыпларсаң. Жаратқан Ийениң қулларының мийрасы – усы, Мен оларды ақлайман, – дейди Жаратқан Ийе».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.