Ийшая 55 bob

Жаратқан Ийениң шақырығы (1-13).

1 «Шөллегенлердиң ҳәммеси, суў көзлерине келиңлер! Ақшасы жоқлар да келип, аўқат алып жеңлер! Келиңлер, шарап ҳәм сүт алыңлар, Бийпул, ешейин!
2 Не ушын ақшаңызды нан болмаған нәрсеге, Мийнетиңизди өзлериңизди қанықтырмайтуғын нәрсеге сарплайсызлар? Мени қунт пенен тыңлап, жақсы нәрсени жеңлер, Жаныңыз тойымлы аўқатлардан ләззет алсын!
3 Қулақ түриңлер ҳәм Маған келиңлер, Тыңлаңлар, сонда жасайсыз. Даўытқа болған садық сүйиспеншилигим ҳақы, Сизлер менен мәңгилик келисим дүзбекшимен.
4 Мине, Мен оны халықларға гүўа, Көсем ҳәм сәрдар қылдым.
5 Сен танымаған халықларды шақырасаң, Сени танымаған халықлар саған келиўге асығады. Себеби Израилдың Мухаддеси, Қудайың Жаратқан Ийе болған Мен, Сени уллылыққа бөлегенмен».
6 Табыўға пурсат барда, Жаратқан Ийени излең, Жақын жерде екен, Оны шақырың.
7 Залым өз жолынан, Жаўыз адам өз нийетинен қайтсын. Жаратқан Ийеге жүз бурсын, Жаратқан Ийе реҳим етер, Қудайымызға қайтсын, Оның кеширими шексиз!
8 «Мениң пикирлерим сизлердикинен өзгеше, Мениң жолым сизлердикинен басқа, – дейди Жаратқан Ийе.
9 – Аспан жерден қанша жоқары болса, Мениң жолларым да сизлердикинен сонша жоқары, Мениң ой-пикирлерим де сизлердикинен жүдә бийик.
10 Аспаннан жаўған жаўын менен қар, Аспанға қайтпайды. Ал жерди суўғарып, өсимлик көгертип өсиреди, Егиў ушын дән, жеў ушын нан береди.
11 Мениң аўзымнан шыққан сөз де соған уқсайды: Ол орынланбай, Маған қайтпайды. Ол Мениң еркимди орынлайды, Неге жиберген болсам, сол әмелге асады.
12 Сонлықтан сизлер қуўаныш пенен шығасызлар, Парахатшылық пенен жетеленесизлер. Таўлар ҳәм төбешиклер алдыңызда қосық айтып, Даладағы барлық ағашлар қол шаппатлайды.
13 Тикенли пута орнына сәрўи ағашы, Тикенектиң орнына мирта ағашы өседи. Бул Жаратқан Ийениң даңқын асыратуғын, Сөнбейтуғын мәңги белги болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.