Ийшая 57 bob
1 «Әдил адам өлип кетип атыр, Бирақ ҳеш ким буны жүрекке жақын алмайды. Садық адамлар жоқ болып кетип атыр. Бирақ оның жаўызлық зардабынан өлгенин, Ҳеш ким түсинбейди.
2 Ол тыныш жерге киреди. Туўры жолдан жүргенлер өз қәбиринде тынығады.
3 Сизлер болсаңыз, ҳәй, палкерлердиң балалары, Неке ҳадаллығын бузыўшы ҳәм бузықлардың урпақлары Берман келиң!
4 Сизлер кимниң үстинен күлип турсыз? Кимди мазақлап, Кимге тилиңизди шығарып турсыз? Сизлер қозғалаңшылардың балалары, Жалғаншылардың зүряды емессиз бе?
5 Сизлер кийели теребинфлердиң арасында, Ҳәр бир қойыў саялы терек астында, Қуштарлық отында өртендиңиз. Сайларда ҳәм жартастың қуўысларында, Балаларыңызды қурбанлыққа усындыңыз.
6 Сениң пайың – дәрьяның сыйпақ таслары арасындағы бутлар, Несийбең – солар болады. Оларға ишимлик садақаларын қуйдың, Ғәлле садақасын бердиң. Булардан кейин де, сени жазасыз қалдырайын ба?
7 Бийик ҳәм уллы таў үстине төсегиңди салып, Қурбанлық бериў ушын сол жерге шықтың.
8 Қапы ҳәм жақлаўыңның арғы жағына, Өз бутларыңның мүсинлерин қойдың. Мени таслап кетип, жалаңашланып, төсегиңе кирдиң. Төсегиңди кең жайдың. Ким менен төсекте жақсы болса, Соның менен питим дүздиң. Олардың жалаңаш денесине тигилип қалдың.
9 Хош ийисли май алып, Молохқа бардың, Әтирлериңди көбейттиң. Елшилериңди узақларға жолладың, Ҳәтте, өлилер мәканына жибердиң.
10 Узақ сапар сени талықтырды, Бирақ сонда да үмитиңди үзбедиң. Күшиңди қайта тикледиң, Сол себепли ҳалдан таймадың.
11 Мени алдап, есиңнен шығаратуғындай, Жүрегиңнен Маған орын бермейтуғындай, Кимнен айбынып, кимнен қорқтың? Узақ ўақыт үндемегеним себепли, Меннен қорқпайсаң ба?
12 Жалған әдиллигиңди, ислериңди әшкара қыламан, Булардан саған пайда болмайды.
13 Пәрияд еткениңде, Жыйнап қойған бутларың қутқарсын! Оларды самал ушырып алып кетеди, Үплеген жел оларды көтерип кетеди. Бирақ Мени паналаған адам жерди ийелейди, Мениң мухаддес таўымды мийрасқа алады».
14 Жаратқан Ийе былай дейди: «Топырақты тегислеп, жол салың, Халқымның жолындағы бөгетлерди алып таслаң».
15 Бийик ҳәм бәлент Болған, Мәңги жасайтуғын, Аты Мухаддес Болған былай дейди: «Мен бийик, мухаддес жерде жасайман, Сондай болса да, руўхы түскенлердиң руўхын көтериў, Езилгенлердиң жүрегин жанландырыў ушын, Езилгенлер ҳәм руўхы түскенлер менен биргемен.
16 Мен адамларды бәрқулла айыплап, Мәңгиге ғәзепленбеймен. Болмаса, Мен жаратқан инсанлардың руўхы, Жаны алдымда тура алмас еди.
17 Гүналы сықмарлықлары ушын ғәзепленип, Мен оларды жазаладым, Қәҳәрленип, жүзимди жасырдым, Бирақ олар қайтыўдан бас тартып, Жүреги қәлеген жолдан кетти.
18 Мен олардың жолларын көрдим, Деген менен, оларға шыпа беремен. Оларды жетелеп, қайғырғанларды қайта жубатаман.
19 Аўызларына алғыс-мақтаў сөзлерин саламан». Узақтағыларға да, жақындағыларға да тынышлық болсын! Мен оларды шыпалайман! Буларды Жаратқан Ийе айтады.
20 «Бирақ жаўызлар толқынланған теңизге уқсайды, Ол тыныш тура алмайды, Суўлары ылай менен балшықты шығара береди,
21 Жаўызлар ушын тынышлық жоқ», – дейди Қудайым.